понедельник, 30 декабря 2019 г.
Жаңа жылдың жыллы тилеклери менен жақынларыңызды қутлықлаң!
пятница, 27 декабря 2019 г.
Жаңа 2020-жылда Сизди қандай тәғдир күтпекте?
Барыс
Барыс жулдызы ўәкиллери 2020 жылда түрли тараўларда
жетискенликлерге ерисиў ушын бар имканиятлары ҳәм билимлерин иске салыўы керек.
Бул жылда душпанларыңыз аяғыңыздан шалыўы мүмкин. Сол себепли өзиңизден басқаға
исенбең. Бул жыл сиз ушын қайта ояныў ҳәм күшке толыў ўақты болады.
Қоян
Қоян жулдызы ўәкиллери ушын бул жыл жүдә позитив
болмаўы да мүмкин.
2020- жылда әдетий жумыслар ушын еки есе көбирек
қуўат сарыплайсыз. Өз алдыңызға анық мақсетлерди белгилеп алың ҳәм қатаңлық
пенен алға умытылың. Ең тийкарғысы туўры сарыплап, сабыр-қәнәәтли болың. Ане
сонда ғана бәрше ойлаған ислериңиз әмелге асады.
Улыў
Улыў жулдызы ўәкиллери усы жылдың негизги мазмунын
түсиниў ушын көп ғана күш сарып етиўи мүмкин. Себеби жаңа жылда оларды көплеп
түсиниксиз ҳәдийселер қоршап алады. Бул инсанлар жаман пикирлерден узағырақ
болыўы ҳәм имкан барынша оптимист инсанларға жақынласыўы керек. Жыл даўамында
өзиңизге болған исенимди хасла жоғалтпаң. Экспертлер өтмиш ҳаққында кемирек
ойлаўды усыныс етеди. Себеби өтмишти еслеў сиз күткен сораўларға керекли
жуўапты бере алмайды, буны умытпаң.
Жылан
Жылан жулдызы ўәкиллери жүдә ақыллы ҳәм узақты көре
билетуғын инсанлар болыўы сөзсиз. Олар әпиўайы нәрселер себепли тәўекелге қол
урмайды. Бундай инсанларды алдаў да, өз мақсетинен шалғытыў да қыйын.
Егер бир қәтеге жол қойсаңыз, буны жаңа тәжрийбе
орнында қабыл етиң. Бул жылда сизди әжайып арзыўлар әмели ҳәм көплеп пайдалы
танысыўлар күтпекте.
Жылқы
Мийнетсүйгиш жылқы жулдызы ўәкиллери 2020-жылда
турақлы рәўиште жаңа шәраятларға көнлигиўге мәжбүр болады. Олардан тезлик пенен
дурыс қарар шығарыў талап етиледи. Қуўатыңызды илажы барынша сақлап қалыў ушын
көбирек дем алың, жаңа билимлерди өзлестириўге ҳәрекет етиң. Тәғдир усы жыл
арқалы Сизди бахытка қарай жетелеўи мүмкин. Тез арада жубыңызды тапсаңыз да
әжепленбең.
Қой
Қой жулдызы ўәкиллери жаратылысы жағынан сабырсызлықты
жаман көреди. Тышқан жылы болса тәртипсизликлер менен толы болыўы мүмкин. Сол
себепли бул инсанлар турақлы рәўиште оған масласып алыўы ҳәм пүткил барлық инам
еткен имканиятлардан туўры пайдалана билиўи керек. Сабыр есесине болса әжайып
имканиятлар ҳәм саўғалар инам етиледи.
Мешин
Мешин жулдызы ўәкиллери киятырған жылда өзлери ушын
турмыслық мақсетлерди белгилеп алыўы керек болады. Айтқанша, экспертлер жаңа
жылда үй-жай мәселесине байланыслы машқалалардың шешилиўин айтып өтпекте.
Буннан тысқары болажақ өмирлик жолдасыңыз ҳәм әжайып
дослар менен танысыўыңыз мүмкин. Көбирек арзыў қылың ҳәм мақсетлериңизге қарай
умытылың.
Таўық
Таўық жулдызы ўәкиллери 2020-жылды жүдә әжайып
тәризде күтип алады. Жыл басынан финанслық мәселелерди аңсатлық пенен
шешиўиңиз, екиленбей жаңа жумыслар баслаўыңыз мүмкин. Көплеп тараўларда сиз
күткен имканиятлар қарсыңызда пайда болады.
Ийт
Ийт жулдызы астында туўылган инсанлар әтираптағы
адамлар менен байланыслы машқалаларға дус келиўи мүмкин. Бирақ оларға жақсы
мүнәсибетте болыўға ҳәрекет етебериң. Кимнен дур кеўлиңиз қалса, басқа бир
инсан сизге жәрдем қолын созады, түскинликке түскен ўақтыңызда өмириңизге
жарықлық алып киретуғын адамлар пайда болады. Позитив мақсетлер сизди жаман
пикирлер ҳәм әўметсизликлерден узақ тутыўға жәрдем береди.
Доңыз
Доңыз жулдызы ўәкиллери ушын болса 2020 жыл
ҳақыйқаттан әўмет жылы болады. Бәлким буны дәрҳал көре алмассыз, бирақ
киятырған таза жылда Сизге әжайып имканиятлар инам етиледи.
Жыл басында өмиринизде кишкене машқалалар пайда
болыўы мүмкин, бирақ оларды аңсатлық пенен шеше аласыз.
Еслетип өтиў керек, 2020-жыл – Кабиса жылы (толық
жыл). Сол себепли айырым ислериңиз сизден тәўекелди талап қылыўы мүмкин. Бирақ,
өзинизге болған исеним ҳәм оптимизм менен ҳәр қандай қыйын жағдайды аңсатлық
пенен шеше аласыз. Ҳәммеси өз қолыңызда!
Жаңа жылыңыз бенен!
дерек: Odam.uz
сайты
#juldizlar_boljawi
среда, 25 декабря 2019 г.
ЖАҚЫНЛАРЫҢЫЗДЫ БАЙРАМ МЕНЕН ҚУТЛЫҚЛАҢ: «Ж» ҳәрибиндеги сөзлерден қуралған Жаңа Жыл тилеги
Jaqınlaģan 2021-Jılda Júzlerińiz Jarıqlıqtan, Júregińiz Jıllılıqtan Jaynasın. Jańa Jıl Joqarı Jetiskenliklerge, Jaqsı-Jaqsı Jańalıqlarģa, Jańa-Jańa Joldaslarģa, Jıraqtaģı Jaqınlarģa, Jıllı Júzlerge Jolıqtırsın. Júrimińiz Jańarıp, Jıllı Júregińiz Jalınday Janıp, Jasarıp, Jáne Júzinshi Jańa Jılģa Júzlesip Júriń. Jollarıńız Jarıq Juldızday jaqtılansın, Jańa Jıldan Jańa Jılģa Jarıq Júzlerde Jetkersin!
Жақынлаған 2021-Жылда Жүзлериңиз Жарықлықтан, Жүрегиңиз Жыллылықтан Жайнасын. Жаңа Жыл Жоқары
Жетискенликлерге, Жақсы-Жақсы Жаңалықларға, Жаңа-Жаңа Жолдасларға, Жырақтағы
Жақынларға, Жыллы Жүзлерге Жолықтырсын. Жүримиңиз Жаңарып, Жыллы Жүрегиңиз
Жалындай Жанып, Жасарып Және Жүзинши Жаңа Жылға Жүзлесип Жүриң! Жолларыныз
Жарық Жулдыздай жақтылансын, Жаңа Жылдан Жаңа Жылға Жарық Жүзлерде Жеткерсин!


























































