понедельник, 30 декабря 2019 г.

Жаңа жылдың жыллы тилеклери менен жақынларыңызды қутлықлаң!

Байрам картинкалары: қарақалпақөзбекрусинглис ҳәм немис тиллеринде


***
Жаңа күнлерЖаңа ўақытЖаңа пурсатлар Сизди интизарлық пенен күтпектеЖаңа 366 күн өмириңизди 366 түрли бахытқа бөлесин!
ЖАҢА ЖЫЛЫҢЫЗ БЕНЕН!
***
Өмиримниң ең сүйикли инсаны болғаның ушын рахмет!
Жаңа жылдың Сен ушын арнаўлы жыл болыўын тилеймен!
Жаңа жылың менен!
***
Алтын дәўирдиң қәдири бәлентҳүрметли студентлери!
Жаңа Жыл Сизге:
Сабақта ғайрат,
Лекцияда сабыр,
Сессияда әўмет тилеп,
Контракттың түсиўи, Степканың өсиўи сыяқлы арзыўларыңыздың әмелин,

Саў-саламат, коррупциясыз өмирди инам етсин!

 ***
Бул жыл жуўмақланар екен, жаманлықлар ҳәм қыйыншылықлар салынған қоржыныңыз жойтылып, 2020-жыл басланар-басланбастан әўмет ҳәм бахытқа толы ғәзийне сандығына дус келгейсиз!
ЖАҢА ЖЫЛЫҢЫЗ БЕНЕН!

***
Жаңа жыл Қар сыяқлы аппақ реңлер менен  кәлбинизди пәкликке боясын!
ЖАҢА ЖЫЛЫҢЫЗ БЕНЕН!

***
Сен мениң өмир китабымды мухаббат ҳәм үмит бетлери менен толтырып келдиңЖаңа 2020-жылда да усылай даўам ет!


***
 
Бир қалта денсаўлық ҳәм бахыт,
Басқасында бир дүнья күлги,
Ал үшиншиси тасқын табысларға толы!
Жаңа жылда Аяз Ата есигиңизди қағып келгендеСизди шоколад пенен емесал усы үш қалта саўғасы менен сыйласын!

***
Бир-бирин сағынған жырақтағы жақынлар сағыныш қайғысын гөне жылда қалдырып, Жаңа жылда баўрыпүтинликте жасаў бахтына жетиссин!


***
Кешеги күннен үйрен,
Бүгинги күн ушын жаса,
Ертенги күннен үмит ет!
Альберт Эйнштейн
ЖАҢА ЖЫЛЫҢЫЗ БЕНЕН!

***
Жаңа жылың мененСүйиклим!
Бул Жаңа жыл Бизге жаркын ҳәм кәраматлы келешек алып келсин ҳәм өмиримиз дәрьясын мухаббат ҳәм бахыт толқынларына толтырсын!

***
Yangi yilingiz bilan!



***


***


***


***



***
С Новым Годом!

*** 

***


***

***


***


***
Happy New Year! 


***


***

***


***

*** 


***
Frohes neues Jahr!


***


***


***


***



#jana_jiliniz_benen
#yangi_yilingiz_bilan
#happy_new_year
#s_novym_godom
#frohes_neues_jahr

 #dinora_begdullaeva
#dm_sn

пятница, 27 декабря 2019 г.

Жаңа 2020-жылда Сизди қандай тәғдир күтпекте?



Сиз қай тәризде әўметке ерисиўиңиз мүмкин? Бунда жулдызлар болжаўы сизге бирқанша пайдалы мәсләҳәтлер береди.

Дүньядағы ең танықлы астрологлар киятырған 2020-жыл ушын түрли жулдыз ўәкиллерине қол келиўи мүмкин болған жулдызлар болжаўын дүзип шықты. Көпшилик адамлар таза жылда үлкен жетискенликлерди қолға киритиўи мүмкин екен.
Олар кимлер???
Шығыс яки Қытай жулдызлар кестесиндеги 12 ҳайўан арқалы Өзиңизди келеси жылда не күтип турғанын билип алыўыңыз мүмкин.



Тышқан
Тышқан – бул кестедеги биринши ҳайўан. Бул жулдыз ўәкиллери ушын 2020-жыл жүдә әжайып ҳәдийселерди инам етеди. Бирақ бул жулдыз ўәкиллерине тәўекел қылыў керек болған жағдайлардан узағырақ болыў мәсләҳәт етиледи. Бул жылда тез ағымдағы өмир сизди шаршатып қойыўы мүмкин. Сонлықтан ўақты менен дем алыўды умытпаўыңыз керек. Усы арқалы ғана сиз жоқары жетискенликлерге қушақ аша аласыз.


Сыйыр
Сыйыр жылында туўылған инсанлар жаратылысынан жүдә исбилермен ҳәм абыройлы адамлар болады. Бирақ аўметке ерисиў жолында ҳийлекер усыллардан пайдалана көрмең. 2020-жыл сизге көплеп имканиятлар ҳәм финанслық сюрпризлер инам етеди.







Барыс

Барыс жулдызы ўәкиллери 2020 жылда түрли тараўларда жетискенликлерге ерисиў ушын бар имканиятлары ҳәм билимлерин иске салыўы керек. Бул жылда душпанларыңыз аяғыңыздан шалыўы мүмкин. Сол себепли өзиңизден басқаға исенбең. Бул жыл сиз ушын қайта ояныў ҳәм күшке толыў ўақты болады.





Қоян

Қоян жулдызы ўәкиллери ушын бул жыл жүдә позитив болмаўы да мүмкин.

2020- жылда әдетий жумыслар ушын еки есе көбирек қуўат сарыплайсыз. Өз алдыңызға анық мақсетлерди белгилеп алың ҳәм қатаңлық пенен алға умытылың. Ең тийкарғысы туўры сарыплап, сабыр-қәнәәтли болың. Ане сонда ғана бәрше ойлаған ислериңиз әмелге асады.





Улыў

Улыў жулдызы ўәкиллери усы жылдың негизги мазмунын түсиниў ушын көп ғана күш сарып етиўи мүмкин. Себеби жаңа жылда оларды көплеп түсиниксиз ҳәдийселер қоршап алады. Бул инсанлар жаман пикирлерден узағырақ болыўы ҳәм имкан барынша оптимист инсанларға жақынласыўы керек. Жыл даўамында өзиңизге болған исенимди хасла жоғалтпаң. Экспертлер өтмиш ҳаққында кемирек ойлаўды усыныс етеди. Себеби өтмишти еслеў сиз күткен сораўларға керекли жуўапты бере алмайды, буны умытпаң.



Жылан

Жылан жулдызы ўәкиллери жүдә ақыллы ҳәм узақты көре билетуғын инсанлар болыўы сөзсиз. Олар әпиўайы нәрселер себепли тәўекелге қол урмайды. Бундай инсанларды алдаў да, өз мақсетинен шалғытыў да қыйын.

Егер бир қәтеге жол қойсаңыз, буны жаңа тәжрийбе орнында қабыл етиң. Бул жылда сизди әжайып арзыўлар әмели ҳәм көплеп пайдалы танысыўлар күтпекте.



Жылқы

Мийнетсүйгиш жылқы жулдызы ўәкиллери 2020-жылда турақлы рәўиште жаңа шәраятларға көнлигиўге мәжбүр болады. Олардан тезлик пенен дурыс қарар шығарыў талап етиледи. Қуўатыңызды илажы барынша сақлап қалыў ушын көбирек дем алың, жаңа билимлерди өзлестириўге ҳәрекет етиң. Тәғдир усы жыл арқалы Сизди бахытка қарай жетелеўи мүмкин. Тез арада жубыңызды тапсаңыз да әжепленбең.



Қой

Қой жулдызы ўәкиллери жаратылысы жағынан сабырсызлықты жаман көреди. Тышқан жылы болса тәртипсизликлер менен толы болыўы мүмкин. Сол себепли бул инсанлар турақлы рәўиште оған масласып алыўы ҳәм пүткил барлық инам еткен имканиятлардан туўры пайдалана билиўи керек. Сабыр есесине болса әжайып имканиятлар ҳәм саўғалар инам етиледи.





Мешин

Мешин жулдызы ўәкиллери киятырған жылда өзлери ушын турмыслық мақсетлерди белгилеп алыўы керек болады. Айтқанша, экспертлер жаңа жылда үй-жай мәселесине байланыслы машқалалардың шешилиўин айтып өтпекте.

Буннан тысқары болажақ өмирлик жолдасыңыз ҳәм әжайып дослар менен танысыўыңыз мүмкин. Көбирек арзыў қылың ҳәм мақсетлериңизге қарай умытылың.




Таўық

Таўық жулдызы ўәкиллери 2020-жылды жүдә әжайып тәризде күтип алады. Жыл басынан финанслық мәселелерди аңсатлық пенен шешиўиңиз, екиленбей жаңа жумыслар баслаўыңыз мүмкин. Көплеп тараўларда сиз күткен имканиятлар қарсыңызда пайда болады.

 





Ийт

Ийт жулдызы астында туўылган инсанлар әтираптағы адамлар менен байланыслы машқалаларға дус келиўи мүмкин. Бирақ оларға жақсы мүнәсибетте болыўға ҳәрекет етебериң. Кимнен дур кеўлиңиз қалса, басқа бир инсан сизге жәрдем қолын созады, түскинликке түскен ўақтыңызда өмириңизге жарықлық алып киретуғын адамлар пайда болады. Позитив мақсетлер сизди жаман пикирлер ҳәм әўметсизликлерден узақ тутыўға жәрдем береди.

 


Доңыз

Доңыз жулдызы ўәкиллери ушын болса 2020 жыл ҳақыйқаттан әўмет жылы болады. Бәлким буны дәрҳал көре алмассыз, бирақ киятырған таза жылда Сизге әжайып имканиятлар инам етиледи.

Жыл басында өмиринизде кишкене машқалалар пайда болыўы мүмкин, бирақ оларды аңсатлық пенен шеше аласыз.

 




Еслетип өтиў керек, 2020-жыл – Кабиса жылы (толық жыл). Сол себепли айырым ислериңиз сизден тәўекелди талап қылыўы мүмкин. Бирақ, өзинизге болған исеним ҳәм оптимизм менен ҳәр қандай қыйын жағдайды аңсатлық пенен шеше аласыз. Ҳәммеси өз қолыңызда!

Жаңа жылыңыз бенен!

 

дерек: Odam.uz сайты

#juldizlar_boljawi

#Дм_Сн

среда, 25 декабря 2019 г.

ЖАҚЫНЛАРЫҢЫЗДЫ БАЙРАМ МЕНЕН ҚУТЛЫҚЛАҢ: «Ж» ҳәрибиндеги сөзлерден қуралған Жаңа Жыл тилеги


Jaqınlaģan 2021-Jılda Júzlerińiz Jarıqlıqtan, Júregińiz Jıllılıqtan Jaynasın. Jańa Jıl Joqarı Jetiskenliklerge, Jaqsı-Jaqsı Jańalıqlarģa, Jańa-Jańa Joldaslarģa, Jıraqtaģı Jaqınlarģa, Jıllı Júzlerge Jolıqtırsın. Júrimińiz Jańarıp, Jıllı Júregińiz Jalınday Janıp, Jasarıp, Jáne Júzinshi Jańa Jılģa Júzlesip Júriń. Jollarıńız Jarıq Juldızday jaqtılansın, Jańa Jıldan Jańa Jılģa Jarıq Júzlerde Jetkersin!




Жақынлаған 2021-Жылда Жүзлериңиз Жарықлықтан, Жүрегиңиз Жыллылықтан Жайнасын. Жаңа Жыл Жоқары Жетискенликлерге, Жақсы-Жақсы Жаңалықларға, Жаңа-Жаңа Жолдасларға, Жырақтағы Жақынларға, Жыллы Жүзлерге Жолықтырсын. Жүримиңиз Жаңарып, Жыллы Жүрегиңиз Жалындай Жанып, Жасарып Және Жүзинши Жаңа Жылға Жүзлесип Жүриң! Жолларыныз Жарық Жулдыздай жақтылансын, Жаңа Жылдан Жаңа Жылға Жарық Жүзлерде Жеткерсин!






Жақынларыңызга үлесиң ҳәм оларға да байрам кейпиятын инам етиң!


#dinora_begdullaeva
#qaraqalpaqsha_aforizmler
#жаңа_жыл­_тилеклери
#jana_jil_tilekleri

#Дм_Сн

вторник, 10 декабря 2019 г.

СЕГИЗИНШИ КӘРАМАТ



(новелла)


Ақырғы ноқатты оқып, ол китапты жапты да, қыял дәрьясына сүңгип кетти. Инсан өмиринде секундлар ишинде қандай да ўақыя жүз берип, өмир жолында түптен бурылыс жасалады. Бираздан соң өз өмириниң ағысы қай тәрепке ағыўын ойлап ол қыял сүрер еди. “Неше жыллар болды, усы аўҳалдаман” деп қыз жүреги менен сәўбетлесе баслады. Ҳәрдайым сырларын бөлисетуғын күнделик дәптери де оның жүрегиндеги сырлары ҳәм дәртлери менен толып, көз жаслары менен жуўылып қалған еди. Стол үстинде ийеси сыяқлы муңайып турған дәптердиң есигин қағып, бетледи ҳәм тоқтаған жеринен даўам етти. Ҳәр анализ тапсырған сайын жүрегимди қысып, нәтийжесин күтип сарғаяман, соңында болса жақсы жуўап ала алмайман. Бул дәрттиң жүги мениң желкеме артылып, гүрес жүргизип атырғаныма да, мине, саррас сегиз жылдың жүзи. Буны "дәрт" деп те болмайды. Бул сөз жыллар тәрбиясының мийўеси болып, мениң сөзлигимнен усылай орын алған. Мен "оны" усылай атайман. Дәрт... Ата-анамның қарсылығына қарамастан, бул дәртти жеңиў ушын және бир урынып көрдим, бул ретки анализ нәтийжесин күтиў ушын да сабыр. Сабыр...

Кеўилиндеги қабат-қабат дәрттен сығылып шығып атырған көз жаслары еле сыяны да кептирип үлгермеген дәптер бетин оғыры ығаллады. Ол қалтырап атырған қолларынан ручкасын азат етти де, терең нәпес алып, оны өкпесинен шығарғысы келмей услап турды ҳәм көзлерин шырт жумғанша тынышлық сақлады. Бул жағдай оның ушын хәрдайымғы әдет ҳәм өзи ойлап тапқан қандайдур психиологялық шынығыў еди. “Я, Алла!” деген сөз тынышлық қушағынан атылып шықты да, гезек келип, кеўилден суўырылып, тилге көшип турған кейинги сөзлерди сыртқа шығарыўға қыз шоршынды. “Ҳәй жүрек, бунша сабырлысаң? Және қашанға шекем шыдамақшысаң? Сонша езилгениң жетпейди ме? Оннан гөре...” деди де, ишинен айтпакшы болған сөзинен де сескенди. Қәлбинен қандайдур саза келди де, ол қызды бул қайғы қушағынан суўырып алды ҳәм оны сыйқырлы сөзлерди айтыўға ийтермеледи. “Үмитиңди үзбе”, деп ол өз ишиндеги "мен"ине буйрық берип, бир гүрсинди де, көзлерин шырт жумып сол-сол Пауло Коэлоның инглис тилиндеги сөзлерин, шамасы, мыңыншы рет, я мың биринши рет тағы қайталады: "Miracles only happen when you believe in miracles" (Кәраматлар оларға исенсең ғана жүз береди).
Ол бул сөзлерине ноқат қойып, еринлерин қаўыстырыўға еле үлгермеген еди, қол телефонының дызылдаған даўысы тек қулағын емес, ал пүткиллей қулақ болып жатырған денесин сескендирди. Қалтыраған қоллары оған зорға тирек болып, аяққа турғызды. Телефон тәреп - мәнзил алыс сыяқлы туйылды оған. Гә оны алыўға асықса, гә қандай да бир қорқыныш сезими аяқларын турған жерине кисенлеп қойғандай оның табанын тарттырмады. Себеби, және кеўилсиз хабар еситиўге ол шыдамас еди. Қурылма дызылдысы тынды. Пүткил денеси менен оннан шығажақ сазаға қулақ салды. Оның сол заматтағы бет-әлпетиниң бозарып, турпатының қатып қалғанынан, ерксиз көз жасларының көзиниң моншағын жуўып, көл болып аға жазлағанынан буның әлбетте жақсы хабар емеслигин сезиў қыйын емес еди. 

Жылтыр перде менен қапланған көзлерин ашып-жумып жән-жаққа қарай баслады. Усы ғәнийметли демлер ишинде оның көз алдында артта қалған сегиз жыл даўамындағы өмири кино ленталарындай дизилип геўделенер еди. Қыздың ишки дүньясында ўақыялар бир-бирине қарысып, қозғалаң көтерер еди. Сыртқарыда болса тынышлық ҳүкимран еди. Усы нәзик демлерди бузып қойыўдан сескенди ме, алақаны менен аўзына тарнаў болып, даўыс шығармай жылар еди. Сонша ўақыт жылап-жылап та түўесилмеген көз жаслары бул рет өзенинен тасып кетти. Соң қыз әллекимди излеген сыяқлы, қолларын қармалап бөлмеден атлығып шығып кетти. 
Кесениң маңлайынан сүйип, жаңа ғана ыссы шайын уртлап атырған анасының баўырына атыла отырды. Бир уртламды жутар-жутпас, анасы қызының нөсер жаўын жаўған сыяқлы ығал болған жүзине тигилип қарады. Қыз ентиге-ентиге сөйледи де, анасы оны беккем баўырына басып, қызы менен қосыла қуўаныш көз жасын төкти. 

Мийирман Жаратқан ийем бул рет қыздың несийбесин берип, оны кәрамат пенен сыйлады. Қыз сегизинши ретки "анализ"ден - "тест сынағы"нан табыслы өтип студент болды!

                                                                                                Дәме СУЛТАН


суббота, 9 ноября 2019 г.

БАЙРАМИНГ МУБОРАК, ТАЛАБА!


-Бугун тушдан кейин Ипотека банкка бориб стипендиянгизни оласиз, ўртоқ талабалар!
Бу хуш хабар аудитория ичра жаранг сочаркан, бир зумда гуруҳдаги дарс кайфияти байрам тусини олди. Ҳамма шоди-хуррам. Талабалар сакираб-сакираб бир-бирини табриклашябди. Ҳа энди, биринчи курс-да!


атто ўқишга грант бўлиб кирганимда ҳам бунчалик қувонмагандим, - деди битта соддаси.
Талабалар бирқанча режалар тузганча тушдан кейин банк томон ошиқишди. Бу ерга ташриф буюрган талабалар шунча тенгдошини кўриб ловуллаб турган шаҳдларидан қайта бошлашди. Чунки, навбатнинг кети узилмасди.
Ва ниҳоят айтилган санадан икки ҳафтача вақт ўтиб талабалар орзиқиб кутган пластик карталарини ўз қўлларига олишди.






 Янги ва замонавий “Humo” пластик картасининг эгаси сифатида унинг юзасига назар солар экан, талаба энди режалар рўйҳатига ҳам кўз югуртириб қўйди. 
Пластик карта зўр экан-у, лекин ундан фойдаланишга келганда бирқанча муоммоларга дуч келишди. Биринчидан, бу карта учун махсус терминал ишлаб чиқилган-у, лекин ҳали оммага чиқарилмаганлиги, иккинчидан эса “Click” тизимига уланмаганлиги. Ҳозирча ягона чора бу – пластик картани нақд пулга айирбошлаш бўлиб қолди.

Айирбошлаш офисига борар экансиз, “Humo” пластик картаси учун махсус банкоматлар фақат талабалар учун хизмат кўрсатаётганининг гувоҳи бўласиз.  Талабалар бир томондан бу шароитнинг бўлганига ҳам қувонса, иккинчи томондан, бу картадан тўлақонли ва бемалол фойдалана олмаслигидан ва бу аҳвол қачонгача давом этишидан ҳавотирда...
Стипендия олган кун – бу барча талабалар учун катта байрам. Чунки, катта меҳнатни  талаб қиладиган ўқиб-ўрганишнинг самарасини кўриш ва ундан баҳра олиш кимни қувонтирмайди дейсиз! Бу йўлда эса ҳарқандай тўсиқларни енгиб ўтишга тайёрмиз!



Ва фахр ила айтамизки, “талаба” деган юксак мақомга эришганимиздан ва давлатимизнинг биз талабаларни бепул ўқитиб, мана шундай стипендияни ҳадя этаётганидан Президентимиздан беҳад миннатдормиз! 





Даме СУЛТАН