четверг, 12 июля 2018 г.

"ЗАМИН" СЕМИНАРЫ-2018


Замин районының тынық ҳам шексиз аспаны, бийик-бийик таўлары ҳәм гөззал тәбияты 3 күн даўамында жас дөретиўшилерди әдебият әлеминде – өз баўырында сақлады. Өз кеўлине тасқын йош-илхам ғумшалатқан, сан-санақсыз дослар арттырған жас дөретиўшилер усы қысқа ўақыт ишинде үлкен тәсирлер алды, десек асыра айтпаймыз. Себеби, дөретиўши кәлб ийелерин ҳәр бир демде Замин тәбияты өз қушағына шарлап турар еди. Замин сарқырамасы, таўлары, муздай ғана, тынық суўлары жаслардың итибарын өзине тартты ҳәм дөретиўшилерди өз қушағында мийман етти.








Семинардың жуўмақлаўшы үшинши күнинде қатнасыўшылардың мийнетлери жоқары баҳаланды. Оларға «сертификат», статуетка, «Азат Ўатан бахты» деп аталған бес томлы китап саўға етилип, сондай-ақ Жиззах ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен дөретиўшилерге қәлем ҳақы берилди.




 Ең үлкен саўға үш күн даўамында инам етилди. Бул саўға болса дөретиўшиликке болған итибар…
Динора Бегдуллаева

"ЗОМИН" СЕМИНАРИ-2018



Қорақалпоғистон Республикаси ва вилоятлардан сараланган 80 нафар иштирокчи «Зомин» семинарида жам бўлишди. Улар назм, наср, бадиий пулицистика, болалар адабиёти, адабий танқид, драматургия ва бадиий таржима шўбаларига бўлиниб, маҳорат дарсларида ижод муҳитини барпо этишди ва устозлар билан ижодий суҳбат олиб боришдилар.
Болалар шоирлари Анвар Обиджон, Ашурали Жўраев, Ориф Тўхташ ва Дилшод Ражаб кўнгллари болалардек беғубор ва улардек сўзлаб ижод қилувчи ёшлар билан болалар адабиёти дунёсида ҳамсуҳбат бўлишди.






"ЗАМИН" СЕМИНАРЫ-2018

–«Хош келипсиз, жас дөретиўшилер», деп қарсы алғандай болды бизди Замин таўлары,-дейди «Замин» семинары қатнасыўшысы Айдос Муҳаммедияров. –Дөретиўши қәлб ийелерин өз баўырына алып атырған Замин таўлары, гөззал тәбияты ҳәм салқын ҳаўасы бизлерге усы таўлардай бәлент ҳәм Замин аспаны киби шексиз илхам бағышлайды. Әсиресе, шайыр кеўлинде өзгеше сезимлер дүняға келеди. Шайырларымыз Сиражиддин Саййид, Махмуд Тайыр ҳәм Зулфия Мөминова жас дөретиўшилердиң мийнетлери менен кеңнен танысып, оларға бәлент-бәлент пәрўазлар тиледи.






Динора Бегдуллаева







ЗОМИН-2018



«Азиз ва ягонамсан, жонажон Ўзбекистоним!», дея ёш ижодкорларни ватанни куйлаб, қоғоз қоралашга ундаб турган қоғоз девор «Зомин» семинарининг асосий саҳнаси, яъни ижод муҳити вазифасини ўтади. Жиззах вилояти Зомин туманида жойлашган ва ижодкорларни ўз қучоғига олган «Ўриклисой» дам олиш масканида қад кўтарган ушбу саҳнада семинарнинг очилиш маросими бўлиб ўтиб, адабиётимизнинг улуғ дарғалари бўлмиш Сирожиддин Саййид,

      
Кенгесбай Каримов,


 Анвар Обиджон,

  Маҳмуд Тоир, Рустам Мусурмон, Нодир Жонизоқ каби ёзувчи ва шоирлар, шунингдек бир қатор ижодкор ёшлар ҳам сўзга чиқиб ўша жойнинг ўзида мушоирани бошлаб юбордилар.

Динора БегдуллаеваЎзбекистон ёшлар иттифоқи ҚР Кенгаши ёнида ташкил этилган
«Ёш репортёрлар» клуби аъзоси


суббота, 30 июня 2018 г.

ЖАСЛАР АЎҚАМЫ ҚОЛ-ҚАНАТ БОЛДЫ



-Жас қызларды жумыс пенен тәмийнлеп, тигиўшилик искерлигимди және де раўажландырыўға улес қосып, әмелий жәрдем көрсетип атырған ϴзбекстан жаслар аўқамына миннетдаршылығым шексиз,-дейди имтиязлы кредит алыўға ерискен жас исбилермен Мухаббат Байымбетова.
Хожели районындағы «Дилафруз» кийим тигиў цехында еки қызды жумыс пенен бәнт етип, жумыс ислеп атырған қахарманымыз жақында ғана Жаслар аўқамыныӊ қоллап-қуўатлаўында 15 миллион сўм муғдарында 7 пайызлы кредит алып, исбилерменлигин еле де раўажландырыўды ҳәм көплеген жумыс орынларын ашыўды алдына мақсет еткен.
-Жасларға мине усындай имканиятларды жаратып, оларды қоллап киятырған Жаслар аўқамы маған қол-қанат болды,-дейди Мухаббат Байымбетова сәўбетимиз соӊында.








                                                                                                                       Динора БЕГДУЛЛАЕВА
ϴзбекстан жаслар аўқаамы

 ҚР Кеӊеси жанында дузилген
«Жас репортёрлар» клубы ағзасы



пятница, 29 июня 2018 г.

Жаслар күни


-Келешекте жәҳән чемпионы болып, ϴзбекстандағы стол тенниси спортыныӊ раўажына өз улесимди қосыў мениӊ алдыма қойған мақсетим,-дейди ϴзбекстан чемпионы Саҳибжамал Бабаниязова.
30-июнь «Жаслар куни»не бағышланып «Биз саламат турмыс тәризи тәрепдарымыз» ураны астында спорттыӊ стол тенниси тури бойынша жарыс болып өтпекте.










четверг, 28 июня 2018 г.

КϴРГИЗБЕ ЯРМАРКАСЫ


Жас өнермент, суўретши ҳәм исбилерменлер жәм болған «ϴзбекстан – ўатаным мениӊ» ураны астындағы көргизбе ярмаркасы 28-июнь куни Нөкис медицина колледжинде өткерилди. Онда жаслар өз билим ҳәм қәбилетлерин көрсеткен ҳалда алтын қолларынан дөрелген мийнетлерин жыйналғанлар нәзерине усынды. Көргизбеде белсене қатнасқан жаслар Диплом ҳәм қымбатбаҳалы саўғалар менен сыйлықланды.




Динора БЕГДУЛЛАЕВА