воскресенье, 12 апреля 2020 г.

«КОРОНАВИРУС» ДРАМАСЫ: БИРГЕЛИКТЕ ЖЕҢЕМИЗ!



«Өмир – бул театр. Ал адамлар болса сахнадағы актёрлар». Уллы дөретиўши Шекспирдиң бул сөзлери барлық ўақыт өмиримизде өз тастыйығын таўып келген. Бүгинги өмиримизге салыстырмалы рәўиште айтатуғын болсақ, Сиз, Биз, Ана Ўатанымыз, пүткил жер жүзи халқы ҳәзирги ўақытта «Коронавирус» деп аталыўшы өткир сюжетли бир драманың атқарыўшылары сыпатында сахнада роль ойнап атырмыз.
Солай екен, пүткил адамзат басына түскен бул саўда Алла тәрепинен берилип атырған және бир үлкен сынақ есапланады. Ол тек инсанияттың күшин, сабырын сынаўшы, тәртип-интизамды қадағалаўшы ғана емес, ал олар арасында меҳир-ақыбет, аўызбиршилик, татыўлық, қәдир-қымбат ҳәм инсанийлық пазыйлетлерин оятыўшы бир күш сыпатында да жүзеге келген нәрсе.
«Бирмиз!», «Биргеликте жеңемиз!», «Үйде қалың!» сыяқлы шақырықлар бүгинги күнимиздиң, ҳәр бир демимиздиң уранына айланып үлгерген алтын сөзлер десек асыра айтқан болмаймыз. Социаллық тармақлар, ғалаба хабар қураллары арқалы берилип атырған көрсетиўлер, санлы мағлыўматлар сергеклендириўши әҳмийетке ийе болса, халқымыз тәрепинен инам етилиўши пикир-усыныслар, беккем исеним ҳәм шақырықлар гүресиўге руўхландырыўшы, ҳәм әлбетте биргеликте жеңиўге жигер бағышлаўшы күш есапланады.
Мәмлекетимизде тосаттан жәрияланған бул карантин дәўиринде халқымыздың, әсиресе жас әўладтың ўақтын мазмунлы ҳәм пайдалы шөлкемлестириў бойынша көплеген ис-илажлар ислеп шығылмақта. Буннан алдын билим алыў процесине қамтылған жасларға ҳәзир де оқыў имканиятлары кеңнен жаратылмақта. Аралықтан турып оқытыў системасы және де жетилистирилип, онлайн сабақлар өтилиўи арқалы оқыўшы ҳәм студент жаслардың билим алыўы тәмийнленбекте. Мысалы ретинде, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң рәсмий сайты karsu.uz дерегине электрон сабақлықлар жайластырылып, moodle тармағында тапсырмалар берип барылмақта. Сондай-ақ, Телеграм тармағы арқалы да оқытыўшы ҳәм студент арасында оқыў орталығы жаратылып билим алыў процесиниң оперативлиги ҳәм нәтийжелилиги артпақта.
 «Әзиз перзентлерим, үйде ўақтыңызды бийкарға откермең! Онлайн сабақларды қунт пенен өзлестириң. Китап оқың, билимиңизди асырың, дене тәрбиясы ҳәм физикалық шынығыўларды бир күн де қалдырмаң» деген Президентимиз Ш.М.Мирзияевтың жасларға қарата айтқан сөзлери ҳәр биримиздиң күнделикли уранымызға айланыўы тийис.
 Эверест шоққысынан да бәлент мақсетлер қойып, айдын келешек қурыў жолында тынбай изленип атырған биз Өзбекистан жасларынан талап етилетуғын жалғыз нәрсе – жаратылған бул имканиятлардан ақылға муўапық рәўиште пайдаланып, алдынғыдай тәбийий оқыў орталығына қайтыў ушын бир жағадан бас шығарып бул дәўирди жеңип өтиў болып табылады.
Бул «Коронавирус» драмасының трагедияға айланбаўы ҳәм әлбетте бахытлы жүўмақ табыўы ушын биз актёрлар сахна қағыйдаларына бойсынған ҳалда өз ролимизди шеберлик пенен атқарыўымыз ҳам биргеликте гүресиўимиз дәркар!
БИЗ БИРМИЗ, БИРГЕЛИКТЕ ЖЕҢЕМИЗ!


Динора Бегдуллаева
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Шет тиллери факультети 1-курс студенти

воскресенье, 15 марта 2020 г.






«Бул қандай проект?», «Неге 2020?», «Не ушын шийе?», «40 қыз ким?» сыяқлы сораўларға аўызеки жуўап берип келген 40 қыз топары бүгин өз жуўапларын әмелде көрсетти.


Белгили блогер, жәмийетлик искер Бахтияр Қәдирбергенов басламасы менен басланған «Мен бир мийўели терек» проекти бир айдан аслам ўақыт даўамында өз ишине тәбият сүйер халқымызды  қамтып алды. Нышандағы 2020 мийўели теректи егиў ушын жыйналыўы гөзленген 2020 адам хызметин 1210 адам жоқары дәрежеде атқарды.





Пайтахтымыздағы А.Досназаров көшеси бойлап егилген шийе нәллери келешекте бәлентлерге бой созып, Нөкис қаласына «Шийелер қаласы» атагын алып береди деген үмиттемиз!




Динора БЕГДУЛЛАЕВА
«Мен бир мийўели терек» проекти
 40 қыз топары ағзасы

пятница, 31 января 2020 г.





Камера бақлаўындағы кең жазықлық дала.
Алды тәрепин қуяш бәнт еткен бул дәргайға кирген қой-ешкилер иркилместен жоқарыға шығып төрлемекте. Шопан болса алысқа жайылып кеткен қойларды алдыға айдады. Қақаманның күни болса да, төбеден күлимлеп турған күн бул жәниўарларды отлы нурлар менен сыйлап атыр. Олар илажсыздан, қолларын басына тиреў менен шопанның айтқанларын шыжбайлап отыр.
Терезе тәрептегилер 4800 секунд даўамында қуяш астында отлады.
Поток...



Дәме СУЛТАН