-Кеширесиз,
«Қарақалпақстан жаслары» газетасының редакциясы қай жерде жайласқанлығын
билесиз бе? – деп сораў бергенимде адамлардың көпшилиги билмеслигин, ал гей
биреўлери болса шамалап-шамалап редакция имаратын нусқап жиберер еди. Дәслепки
рет барыўым болғанлықтан бул редакция имараты жайласқан Айымхан Шамуратова
көшесин жақсы билмес едим. Тек ғана Ислам Каримов гүзарында бой тиклеген
Қарақалпақавтожолы имаратында жайласқан «Жеткиншек» газетасы редакциясына
көзимди жумып болса да жол таўып барар едим.
Мине,
адамлардың жол силтеўлери менен излеп жўрген мәнзилиме де жетип келдим.
«Алжаспадым ба?» - деп сораў бердим өзиме редакция имараты алдында жайласқан
қараўылханаға кирер алдында. Лекин, ишкерирек кирип, қараўылдан сорағанымда, шыныда
да бул жер газета редакйиясы екенлигин айтты. Қараўылхана есигинен шығып,
редакцияға киребериў алдындағы майданға қәдем бастым. Басымды көтерип, көзим
қарсысында турған имаратты көрген ләҳзеде-ақ қорқыўдан тастай қатып қалдым. Я
киреримди, яки шығарымды билмей, екилендим. Бирақ, қолымда турған мийнетлерим
мени ишкериге қарай ийтермеледи. Жән-жағыма қорқыў аралас, таңланып қарай
бердим. Есиктен адым атып кирген ўақтымда бул имараттың «өзине тән» ҳаўасы
жүзиме урылды. Соң текшеден түсип киятырған бир жигитке дус келдим. Албыраған
жағдайымда оннан редакцияның қай жерде екенлигин сорадым.
-Қайсы
газетаның? – деди ол.
-Қарақалпақстан
жаслары газетасы.
-Екинши
қабат, оң жақта – деп жуўап берди.
Текше
арқалы жоқарыға көтерилер екенмен, бул жердиң «ҳәр бир мүйеши» мени ҳайран
қалдырды. Екинши қабаттың узын коридоры бойлап жүрер екенмен, тек ғана оң тәреп
емес, ал оның жән-жағы мениң итибарымда тартты. Бул имарат ишинде «Еркин
Қарақалпақстан», «Вести Каракалпакстана» ҳәм «Қарақалпақстан жаслары» газеталары,
сондай-ақ «Билим» баспасы жайласқанлығының гүўасы болдым. Газета редакциясы
кабинетине кирип, журналист апалар менен ушырасқанымда, олар жарық жүз, күле
шырай менен күтип алды. Себеби, дөретиўши хәм ертеңинен үлкен үмит
күттирертуғын жаслардың газетаға келгени олар ушын қуўанарлы жағдай, әлбетте.
Редакцияның
мийнет қайнаған орталығынан шексиз қуўаныш ҳәм көтеринки кейпият пенен шығып
баратырғанымда баяғы көринислер мени және түскин жағдайға салды. Бирақ бул
жерден шығаберистеги көринис мени аз да болса тынышландырды.
Көпшилик газеталар ҳәм баспаның бир имарат
ишинен орын алғанлығы мени бир тәрептен қуўандырса, екинши тәрептен «усындай»
жерде екенлиги усы мақаланы жазыўға түртки болды. Бул машқала кимди болса да
ойландырыўы сөзсиз. Өйткени, бул жер мәнаўият ошағы ўазыйпасын атқарады.
Қаншадан-қанша дөретиўши жаслар, бәлким болажақ журналистлер усы майданнан
тәлим-тәрбия алады. Бул жағдай оларды келешектеги арзыўларына яки журналист
болыўдай мақсетине ерисиўине кери тәсир көрсетиўи мүмкин, ақыры. Менимше, ҳәр
қандай мийнет искерлери ушын тек ғана күшли сана яки қәбилет емес, ал жумыс
ислеў, халыққа хызмет көрсетиў ушын талапларға жуўап беретуғын, қолайлы
жағдайлар болыўы керек, деп ойлайман. Мен усы «көринис»ти «Сырты қалтырақ, иши
жалтырақ» деп атаўды мақул таптым.
Динора
БЕГДУЛЛАЕВА
Өзбекистан
Жаслар Аўқамы
Қарақалпақстан
Республикасы Кеңеси
жанында дүзилген «Жас репортёрлар» клубы
ағзасы
Комментариев нет:
Отправить комментарий