Байрам картинкалары: қарақалпақ, өзбек, рус, инглис ҳәм немис тиллеринде
***
Жаңа күнлер, Жаңа ўақыт, Жаңа пурсатлар Сизди интизарлық пенен күтпекте. Жаңа 366 күн өмириңизди 366 түрли бахытқа бөлесин!
ЖАҢА ЖЫЛЫҢЫЗ БЕНЕН!
***
Өмиримниң ең сүйикли инсаны болғаның ушын рахмет!
Жаңа жылдың Сен ушын арнаўлы жыл болыўын тилеймен!
Жаңа жылың менен!
***
Алтын дәўирдиң қәдири бәлент, ҳүрметли студентлери!
Жаңа Жыл Сизге:
Сабақта ғайрат,
Лекцияда сабыр,
Сессияда әўмет тилеп,
Контракттың түсиўи, Степканың өсиўи сыяқлы арзыўларыңыздың әмелин,
Саў-саламат, коррупциясыз өмирди инам етсин!
***
Бул жыл жуўмақланар екен, жаманлықлар ҳәм қыйыншылықлар салынған қоржыныңыз жойтылып, 2020-жыл басланар-басланбастан әўмет ҳәм бахытқа толы ғәзийне сандығына дус келгейсиз!
ЖАҢА ЖЫЛЫҢЫЗ БЕНЕН!
***
Жаңа жыл Қар сыяқлы аппақ реңлер менен кәлбинизди пәкликке боясын!
ЖАҢА ЖЫЛЫҢЫЗ БЕНЕН!
***
Сен мениң өмир китабымды мухаббат ҳәм үмит бетлери менен толтырып келдиң. Жаңа 2020-жылда да усылай даўам ет!
***
Бир қалта денсаўлық ҳәм бахыт,
Басқасында бир дүнья күлги,
Ал үшиншиси тасқын табысларға толы!
Жаңа жылда Аяз Ата есигиңизди қағып келгенде, Сизди шоколад пенен емес, ал усы үш қалта саўғасы менен сыйласын!
***
Бир-бирин сағынған жырақтағы жақынлар сағыныш қайғысын гөне жылда қалдырып, Жаңа жылда баўрыпүтинликте жасаў бахтына жетиссин!
***
Кешеги күннен үйрен,
Бүгинги күн ушын жаса,
Ертенги күннен үмит ет!
Альберт Эйнштейн
ЖАҢА ЖЫЛЫҢЫЗ БЕНЕН!
***
Жаңа жылың менен, Сүйиклим!
Бул Жаңа жыл Бизге жаркын ҳәм кәраматлы келешек алып келсин ҳәм өмиримиз дәрьясын мухаббат ҳәм бахыт толқынларына толтырсын!
***
Yangi yilingiz bilan!
***
***
***
***
***
С Новым Годом!
***
***
***
***
***
***
Happy New Year!
***
***
***
***
***
***
Frohes neues Jahr!
***
***
***
***
#jana_jiliniz_benen
#yangi_yilingiz_bilan
#happy_new_year
#s_novym_godom
#frohes_neues_jahr
#dinora_begdullaeva
#dm_sn
Ju'da' zor islep shig'ilg'an!!!!
ОтветитьУдалитьJan'a jillarin' menen!!!
Oqiwlarin'da tabislar!!!
Raxmet! Sizge de mubarek bolsin bayram!
Удалить