«Бул қандай проект?», «Неге 2020?», «Не ушын шийе?», «40 қыз
ким?» сыяқлы сораўларға аўызеки жуўап берип келген 40 қыз топары бүгин өз
жуўапларын әмелде көрсетти.
Белгили блогер, жәмийетлик искер Бахтияр Қәдирбергенов басламасы
менен басланған «Мен бир мийўели терек» проекти бир айдан аслам ўақыт даўамында
өз ишине тәбият сүйер халқымызды қамтып
алды. Нышандағы 2020 мийўели теректи егиў ушын жыйналыўы гөзленген 2020 адам
хызметин 1210 адам жоқары дәрежеде атқарды.
Пайтахтымыздағы А.Досназаров көшеси бойлап егилген шийе
нәллери келешекте бәлентлерге бой созып, Нөкис қаласына «Шийелер қаласы» атагын
алып береди деген үмиттемиз!
Динора БЕГДУЛЛАЕВА
«Мен бир мийўели терек» проекти
40 қыз топары ағзасы