суббота, 22 мая 2021 г.

STUDENTS’ JAPANESE HOLIDAY FOR THE FIRST TIME IN NUKUS, - said Dj. Kurbanbaev, the dean of Foreign languages faculty

 


From the recent years we are having Japanese language lessons in our university. Students are interested in not only the language, but also its culture. Sarbinaz Berdimuratova, the teacher challenged all the students to join together.

On May, 22, 日本文化祭 Japanese culture holiday was held in academic lyceum of Karakalpak state university. Djavod Kurbanbaev, the dean opened the event and proudly stated that it was the first Japanese holiday that was held by students.


In the event active students of KSU and NSPI participated and showed their talents to the youth of the lyceum. Capable students presented their songs, dances and performances in Japanese. The holiday was the beginning point of Japanese learning and its progress.

 










Dinora Begdullaeva

2nd year student of

Foreign languages faculty

KSU

НӨКИСТЕ СТУДЕНТЛЕР ҚАТНАСЫЎЫНДАҒЫ БИРИНШИ ЯПОН ТИЛИ БАЙРАМЫ, - дейди Шет тиллери факультети деканы Дж. Курбанбаев



Университетимизде япон тили сабақ ретинде жақыннан бери өтилип келинбекте. Студентлер тек ғана япон тилине емес, ал халқының мәдениятына да үлкен қызығыўшылық пенен қарайды. Пән оқытыўшысы Сәрбиназ Бердимуратова студентердиң бул қызығыўшылығын итибарға алып, оларды бир жағадан бас шығарып, бирге ислесиўге шақырды. 

22-май күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети академиялық лицейинде япон мәденияты байрамы 日本文化祭 болып өтти. Кешени университет Шет тиллери факультети деканы Джавод Курбанбаев ашып берип, бул байрамның ең биринши мәрте студентлер атқарыўында өткерилип атырғанын мақтаныш пенен айтып өтти. 

Байрамда ҚМУ ҳәм НМПИ белсенди студентлери қатнасып, тил бойынша алған өз билимлерин лицей жасларына шеберлик пенен көрсетип берди. Қәбилетли студентлер тәрепинен япон тилинде ҳәрқыйлы қосық, аяқ ойын ҳәм сахналық көринислер инәм етилди. Өткерилген илаж журтымызда япон тили үйренилиўи ҳәм және де ен жайыўының басламасы болды.














Динора Бегдуллаева

ҚМУ, Шет тиллери факультети

Шет тили ҳәм әдебияты (инглис тили) бағдары

2-курс студенти

воскресенье, 12 апреля 2020 г.

«КОРОНАВИРУС» ДРАМАСЫ: БИРГЕЛИКТЕ ЖЕҢЕМИЗ!



«Өмир – бул театр. Ал адамлар болса сахнадағы актёрлар». Уллы дөретиўши Шекспирдиң бул сөзлери барлық ўақыт өмиримизде өз тастыйығын таўып келген. Бүгинги өмиримизге салыстырмалы рәўиште айтатуғын болсақ, Сиз, Биз, Ана Ўатанымыз, пүткил жер жүзи халқы ҳәзирги ўақытта «Коронавирус» деп аталыўшы өткир сюжетли бир драманың атқарыўшылары сыпатында сахнада роль ойнап атырмыз.
Солай екен, пүткил адамзат басына түскен бул саўда Алла тәрепинен берилип атырған және бир үлкен сынақ есапланады. Ол тек инсанияттың күшин, сабырын сынаўшы, тәртип-интизамды қадағалаўшы ғана емес, ал олар арасында меҳир-ақыбет, аўызбиршилик, татыўлық, қәдир-қымбат ҳәм инсанийлық пазыйлетлерин оятыўшы бир күш сыпатында да жүзеге келген нәрсе.
«Бирмиз!», «Биргеликте жеңемиз!», «Үйде қалың!» сыяқлы шақырықлар бүгинги күнимиздиң, ҳәр бир демимиздиң уранына айланып үлгерген алтын сөзлер десек асыра айтқан болмаймыз. Социаллық тармақлар, ғалаба хабар қураллары арқалы берилип атырған көрсетиўлер, санлы мағлыўматлар сергеклендириўши әҳмийетке ийе болса, халқымыз тәрепинен инам етилиўши пикир-усыныслар, беккем исеним ҳәм шақырықлар гүресиўге руўхландырыўшы, ҳәм әлбетте биргеликте жеңиўге жигер бағышлаўшы күш есапланады.
Мәмлекетимизде тосаттан жәрияланған бул карантин дәўиринде халқымыздың, әсиресе жас әўладтың ўақтын мазмунлы ҳәм пайдалы шөлкемлестириў бойынша көплеген ис-илажлар ислеп шығылмақта. Буннан алдын билим алыў процесине қамтылған жасларға ҳәзир де оқыў имканиятлары кеңнен жаратылмақта. Аралықтан турып оқытыў системасы және де жетилистирилип, онлайн сабақлар өтилиўи арқалы оқыўшы ҳәм студент жаслардың билим алыўы тәмийнленбекте. Мысалы ретинде, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң рәсмий сайты karsu.uz дерегине электрон сабақлықлар жайластырылып, moodle тармағында тапсырмалар берип барылмақта. Сондай-ақ, Телеграм тармағы арқалы да оқытыўшы ҳәм студент арасында оқыў орталығы жаратылып билим алыў процесиниң оперативлиги ҳәм нәтийжелилиги артпақта.
 «Әзиз перзентлерим, үйде ўақтыңызды бийкарға откермең! Онлайн сабақларды қунт пенен өзлестириң. Китап оқың, билимиңизди асырың, дене тәрбиясы ҳәм физикалық шынығыўларды бир күн де қалдырмаң» деген Президентимиз Ш.М.Мирзияевтың жасларға қарата айтқан сөзлери ҳәр биримиздиң күнделикли уранымызға айланыўы тийис.
 Эверест шоққысынан да бәлент мақсетлер қойып, айдын келешек қурыў жолында тынбай изленип атырған биз Өзбекистан жасларынан талап етилетуғын жалғыз нәрсе – жаратылған бул имканиятлардан ақылға муўапық рәўиште пайдаланып, алдынғыдай тәбийий оқыў орталығына қайтыў ушын бир жағадан бас шығарып бул дәўирди жеңип өтиў болып табылады.
Бул «Коронавирус» драмасының трагедияға айланбаўы ҳәм әлбетте бахытлы жүўмақ табыўы ушын биз актёрлар сахна қағыйдаларына бойсынған ҳалда өз ролимизди шеберлик пенен атқарыўымыз ҳам биргеликте гүресиўимиз дәркар!
БИЗ БИРМИЗ, БИРГЕЛИКТЕ ЖЕҢЕМИЗ!


Динора Бегдуллаева
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Шет тиллери факультети 1-курс студенти

воскресенье, 15 марта 2020 г.






«Бул қандай проект?», «Неге 2020?», «Не ушын шийе?», «40 қыз ким?» сыяқлы сораўларға аўызеки жуўап берип келген 40 қыз топары бүгин өз жуўапларын әмелде көрсетти.


Белгили блогер, жәмийетлик искер Бахтияр Қәдирбергенов басламасы менен басланған «Мен бир мийўели терек» проекти бир айдан аслам ўақыт даўамында өз ишине тәбият сүйер халқымызды  қамтып алды. Нышандағы 2020 мийўели теректи егиў ушын жыйналыўы гөзленген 2020 адам хызметин 1210 адам жоқары дәрежеде атқарды.





Пайтахтымыздағы А.Досназаров көшеси бойлап егилген шийе нәллери келешекте бәлентлерге бой созып, Нөкис қаласына «Шийелер қаласы» атагын алып береди деген үмиттемиз!




Динора БЕГДУЛЛАЕВА
«Мен бир мийўели терек» проекти
 40 қыз топары ағзасы

пятница, 31 января 2020 г.





Камера бақлаўындағы кең жазықлық дала.
Алды тәрепин қуяш бәнт еткен бул дәргайға кирген қой-ешкилер иркилместен жоқарыға шығып төрлемекте. Шопан болса алысқа жайылып кеткен қойларды алдыға айдады. Қақаманның күни болса да, төбеден күлимлеп турған күн бул жәниўарларды отлы нурлар менен сыйлап атыр. Олар илажсыздан, қолларын басына тиреў менен шопанның айтқанларын шыжбайлап отыр.
Терезе тәрептегилер 4800 секунд даўамында қуяш астында отлады.
Поток...



Дәме СУЛТАН

понедельник, 30 декабря 2019 г.

Жаңа жылдың жыллы тилеклери менен жақынларыңызды қутлықлаң!

Байрам картинкалары: қарақалпақөзбекрусинглис ҳәм немис тиллеринде


***
Жаңа күнлерЖаңа ўақытЖаңа пурсатлар Сизди интизарлық пенен күтпектеЖаңа 366 күн өмириңизди 366 түрли бахытқа бөлесин!
ЖАҢА ЖЫЛЫҢЫЗ БЕНЕН!
***
Өмиримниң ең сүйикли инсаны болғаның ушын рахмет!
Жаңа жылдың Сен ушын арнаўлы жыл болыўын тилеймен!
Жаңа жылың менен!
***
Алтын дәўирдиң қәдири бәлентҳүрметли студентлери!
Жаңа Жыл Сизге:
Сабақта ғайрат,
Лекцияда сабыр,
Сессияда әўмет тилеп,
Контракттың түсиўи, Степканың өсиўи сыяқлы арзыўларыңыздың әмелин,

Саў-саламат, коррупциясыз өмирди инам етсин!

 ***
Бул жыл жуўмақланар екен, жаманлықлар ҳәм қыйыншылықлар салынған қоржыныңыз жойтылып, 2020-жыл басланар-басланбастан әўмет ҳәм бахытқа толы ғәзийне сандығына дус келгейсиз!
ЖАҢА ЖЫЛЫҢЫЗ БЕНЕН!

***
Жаңа жыл Қар сыяқлы аппақ реңлер менен  кәлбинизди пәкликке боясын!
ЖАҢА ЖЫЛЫҢЫЗ БЕНЕН!

***
Сен мениң өмир китабымды мухаббат ҳәм үмит бетлери менен толтырып келдиңЖаңа 2020-жылда да усылай даўам ет!


***
 
Бир қалта денсаўлық ҳәм бахыт,
Басқасында бир дүнья күлги,
Ал үшиншиси тасқын табысларға толы!
Жаңа жылда Аяз Ата есигиңизди қағып келгендеСизди шоколад пенен емесал усы үш қалта саўғасы менен сыйласын!

***
Бир-бирин сағынған жырақтағы жақынлар сағыныш қайғысын гөне жылда қалдырып, Жаңа жылда баўрыпүтинликте жасаў бахтына жетиссин!


***
Кешеги күннен үйрен,
Бүгинги күн ушын жаса,
Ертенги күннен үмит ет!
Альберт Эйнштейн
ЖАҢА ЖЫЛЫҢЫЗ БЕНЕН!

***
Жаңа жылың мененСүйиклим!
Бул Жаңа жыл Бизге жаркын ҳәм кәраматлы келешек алып келсин ҳәм өмиримиз дәрьясын мухаббат ҳәм бахыт толқынларына толтырсын!

***
Yangi yilingiz bilan!



***


***


***


***



***
С Новым Годом!

*** 

***


***

***


***


***
Happy New Year! 


***


***

***


***

*** 


***
Frohes neues Jahr!


***


***


***


***



#jana_jiliniz_benen
#yangi_yilingiz_bilan
#happy_new_year
#s_novym_godom
#frohes_neues_jahr

 #dinora_begdullaeva
#dm_sn