Дүнядан бир кеткен адам,
Қайта айланып келмес болар.
Жақсы болып өткен адам,
Тирилерге теңлес болар.
(Ибрайым Юсупов)
Кеше
ким едик ҳәм бүгин ким болдық?
Неше
әсирлер даўамында тынышлық ушын гүрескен, күни-түни жаратқаннан еркинлик сорап,
тыныш ҳәм пәраўан заманды арзыў қылып жасаған ата-бабаларымыз, Жалаладдин
Мангуберди, Саҳыпқыран Амир Темур сыяқлы уллы сәркардалар, Ерназар Алакөз ҳәм
Айдос бий киби халық қаҳарманлар ҳәм ўатан ушын көксин қалқан етипжаўға қарсы ўыққан
батырлар тийкар салған мәмлекет қурылды. Бул ел – Жер шарының Евразия материги,
Азия континентинде жайласқан Орта Азияның жүреги есапланатуғын “Өзбекистан” топырағы
еди.
Халқымыз
мойнына “Ғәрезсизлик тумары”н тағып, Өзбекистанды Совет мәмлекети дүзиминен ең
биринши болып ажыраытп алған ҳәм уллы мәмлекетке тийкар салған уллы инсан бул –
Ислам Каримов есапланады. Ол 1989–жыл 23–июнда Өзбекистан Компартиясы Орайлық
комитетиниң биринши секретары етип сайланды ҳәм өзи сайланған пленумда сөйлеген
сөзинде Өзбекистанның аўқамда тутқан орны ҳәм ролин анық белгилеп берди. Мәдений
мийрасты ҳәм тәрийх ҳақыйқатын тиклеў, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерди
раўажландырыў объектив зәрүрлик екенин айтып өтти. 24-июнь күни мәмлекеттиң
сиясий басшысы Ислам Каримов усындай деди: Мен сизлерди усы жағдайды танқидий
баҳалаўға ҳәм буннан буяғына ескише
жасаў мүмкин емеслигин айтып өтти. 1990–жыл 24–февраль күни болса Биринши
Президентимиз: “Халқымыз басына түскен бул тәшўишлерди терең сезиниў, оларды
шешиў қаншелли қыйын ҳәм зәрүр екенин аңлаў ушын көп нәрсе керек емес – бийзата
жүрек керек, ашық көз керек”, - деген еди.
Бул
дәўирде Өзбекистан социаллық-сиясий өмиринде қатаң өзгерислер, әсиресе, жәмаат
шөлкемлериниңбелсендилесиўи ҳәм сиясий мәденияттың кескин көтерилиўи жүз берди.
Республикада
кадрларды таңлаў, орын-орнына қойыў ҳым тәрбиялаў мәселелеринде миллий мәпдарлық
үстинлиги тәмийнленди. Кадрлар сиясатындағы қатаң жақсы өзгерис соннан ибарат
болды, енди Өзбекистанда партьия, совет,
мәлекет, ҳуқықты қорғаў органлары баслықларын Москва арқалы шешиў, Москва
белгилеген қәнийгелерди көтериў әмелиятына шек қойылды, бул мәселелерди шешиўди
республика ҳүкимети өз қолына алды. Бул жағдайды шуқыр аңлаған басшының мәртлиги
болып, жүдә үлкен сиясий әҳмийетке ийе болды. Яғнный бул сиясий қарамлықтан қутылыў
сайын тасланған қәдем болды, десек асыры айтқан болмаймыз.
1990-жыл
24-31 -март күнлери Ташкентте Өзбекистан ССР Жоқары Кеңесиниң он екинши шақырық,
биринши сессиясы болып өтти. 24–март күни сессия Москваның қарсылығына қарамастан,
республикалар арасында биринши болып “Өзбекистан ССР Президенти лаўазымын жәриялаў
ҳаққында”ғы нызам қабыл етилди. Солай етип, Жоқары Кенесте жасырын даўыс бериў
жолы менен Ислам Абдуғаниевич Каримов Өзбекистан Республикасы Президенти етип
сайланды.
1990-жыл
март айында келешеги уллы Өзбекистан мәмлекетиниң Ғәрезсизлигимизди және де
беккемлеў ҳәм жетискенликлерге ерисиўдеги дәслепки адымлары тасланды. Сол пайыттағы
аўқамлас республикалар басшылары арасында Ислам Каримов биринши болып
Өзбекистан Республикасы президентлигине сайланды. Бул тәрийхый процестен екйин 1990–жыл
20–июнда “Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлик Декларациясы” ҳәм 1991–жылдың 31-августында
“Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлиги тийкарлары ҳаққындағы нызам
қабылланды. Тәрийхтың алтын бетлерине мөрленген 1991–жыл 31–август сәнесинен
баслап ғырезсиз ўатанымыз – Өзбекистан өз күшине, еркине,сол менен бирге өз
байрағы, герби, гимни, ана тили, миллий валютасы, миллий армиясы ҳәм тийкарғы нызамы
болған Конституциясына ийе болды. Биринши Президентимиз ислер шыққан “Раўажланыўдың
өзбек модели” ҳәм белгили бес принцип бул жетискенликлердиң гилти есапланады.
Ғәрезсиз
Өзбекистанды реформалаў ҳәм ҳуқықый мәмлекетшилик пардийўалын қурыў бойынша қабыл
етилген миллий раўажланыўдың “өзбек модели”н әмелге ен жайдырыў жолындағы дәслерки
қәдемлер ҳаққында сөз барғанда,сөзсиз, тәрийхый қысқа мүддет ишинде Тийкарғы нызамымыз
– Өзбекистан Республикасы Конституциясы ислеп шығылғанын ҳәм қабыл етилгенин еслеп өтиў орынлы. Мәмлекетимиздиң
жаңа Конституциясын ислеп шығыў зәрүрлиги ҳаққындағы пикир 1990–жыл мартта
Жоқары Кеңестиң он екинши шақырық, биринши сессиясында Биринши Президентимиз
Ислам Каримов тәрепинен ортаға тасланған еди. 20–июнь сәнесинде Жоқары Кеңестиң
екинши сессиясында Ғәрезсизлик Декларациясында қабыл етилген принциплер тиыкарында
мәмлекеттиң жаңа Конституциясы ислеп шығылыўы лазым, деген шешимге келинди. Усы
сессия Президент Ислам Абдуғаниевич Каримов басшылығында 64 адамнан ибарат
Конституциялық комиссияны дүзиў ҳаққында қарар
қабыл етилди. Ҳәм 1992–жыл 8–декбрде
он екинши шақырық, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он биринши
сессиясында Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилди. Биринши Президентимиздиң ақыл-парасаты ҳәм терең
пикирлеп ис жүритиў қәбилети нәтийжесинде ғәрезсиз мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамы
қабыл етилиўи халқымыздың ҳуқықларқ кеиллнип, ҳәм социаллық ҳәм сиясий жақтан
раўажланыўында орны айрықша болды.
“Журтымыздың
келешеги, халқымыздың ертенгши күни ҳәм мәмлекетимиздиң жәҳан шеришилигинлеги
абырай-итибары, ең дәслеп перзентлеримиздиң өнип-өсип, улғайып, қандай инсанг
болып өмирге кирип барыўына байланыслы”, деп айтқан еди Ислам Каримов өзиниң
“Жоқары мәнаўият – жеңилмес күш” шығармасында. Сондай-ақ, ол өз перзентлерине ҳәрдайым
усы сөзлерди уқтырған: “Балаларым, ҳеш қашан излениўден, үйрениўден ҳәм алға
талпыныўдан тоқтамаң. Ҳеш нәрседен қорықпаң. Себеби артыңызда мен турыппан”.
Ҳәрдайым
Өзбекистан перзентлерин өз перзентиндей сүйген ҳәм олар ушын ҳәтте жанын пидә
етиўге де тайын болған Президент атамыз ҳәр бир жас ушын ҳәм олардың ҳәр тәреплеме
раўажланыўы, айдын келешеги ушын шексиз шәрт-шараятлар жаратып берип, кең
имкканият есиклерин ашты. Ол ҳәрдайым бизге, яғный Өзбекистанның ертенги
келешеги болған жас әўладқа өзинен де көп исениб келген. Ҳәм бөгинги күнде
Биринши Президентимиз жаратып берген имканиятлардың нәтийжелери көз алдымызда өз
сәўлелениўин таппақта. Мәселен, Бразилияда болып өткен 31-жазғы Олимпия ойынларында
Өзбекистан спортшыларының жәҳәнде теңсиз ҳәм күшли екенлигин олимпияшыларымыздың
13 медалды қолға киргизгенлигинен билип алыўымыз мүмкин. Сондай-ақ, спортшыларымыздың
Паралимпия ойынларында киргизген 31
медал сөзимиздиң және бир дәлийли болып табылады.
Журтымызда
өсип киятырған жас талант ийелериниң қәбилетин раўажландырыў, дөретиўшилик ҳәм
интеллектуал дәрежесин жүзеге шығарыў мақсетинде “Истедод” қоры, алдынғы
“Камолот” ЖЖҲ ҳәм басқа форум ҳәм қорлар, сондай-ақ, қәбилетли қызлар ушын
“Зулфия” атындағы мәмлекетлик сыйлығы, “Ниҳол” сыйлығы, “Өзбекистан белгиси” көкирек
нышаны, Президент ҳәм басқа да стипендиялар, таңлаў ҳәм фестиваллар – бәрше-бәршеси
қәбилетли жаслардың жоқары шоққыларға умытылыўларына, өз қәбилетин жүзеге шығарыўларына
кең имканиятлар есигин ашып берди. Ислам Каримов өзи тиклеген бағдың баўында өсип
атырған жас нәлшелердиң ертенги күнинде беккем терекке айланыўы ушын өз күш-ғайратын
сарып етти ҳәм керек болса, өз жанын бериўге де тайын турды. Ислам Каримоқтың дөреткен
ҳәр бир мийнетинде де мәмлекетимиздиң келешегине болған шексиз итибарды көриўимиз
мүмкин. Әлбетте, бул жетискенликлер, жеңислер ҳәм жоқары нәтийжелер Биринши
Президентимиздиң бизге болған исениминиң әмелдеги нәтийжеси есапланады.
Өзбекистанның
Биринши Президенти Ислам Каримов искерлигинде сыртқы сиясий, мымлекетлер ҳәм
халықлар ортасында исенимли байланысты орнатыў, халық аралық жәрияланған прицип
ҳәм нормаларға әмел қылыў ҳәрдайым әҳмийетли орын тутқан. Дүняның үлкеен
сиясатшылары, мәмлекет басшылары, халық аралық экспертлер Ислам Каримовтың
сиясий сергеклиги ҳәм дүняда жүз берип атырған ўақыя-ҳәдиселерди терең анализ
етиў ҳәм оннан дурыс шешим шығарыў сыяқлы сыпатларын ҳәрдайым қәдирлеген ҳәм тәрийплеген.
Россия
Федерациясы Президенти Владимир Путин өз хатында Ислам Каримовқа төмендеги
пикирлерди баян етеди:
“Ҳүрметли Ислам Абдуғаниевич,
Россия ҳәм Өзбекистан ортасындағы аўқамшылық ҳәм
стратегиялық байланыс мүнәсибетлерин беккемлеўде Сиздиң үлкен жеке үлесиңиз бар
екенлигин айрықша айтып өтпекшимен.
Еки тәреплеме байланысларымыздың пүткил системасын,
аймақлық ҳәм халық аралық ислерде конструктив байланысты және де жедел,
комплекс рәўиште раўажланырыў бойынша дослық мүнәсибетимизди, жақын
шериеликтеги исерлигимизди даўам еттиремиз, деп үмит етемен”.
2016-жыл
2–сентябрь пүткил Өзбекистан халқының атасы ҳәм сүйенер таўы болған, Өзбекистан
Республикасы Биринши Президенти Ислам Каримов соңғы мәнзилге гүзетилди. Бул аўыр
айырылық бираз мүддет халқымыздың руўхын шөктирди...
Ғәрезсиз
Өзбекистанның Биринши Президенти, Ғәрезсизлик қурыўшысы Ислам Абдуғаниевич
Каримов заманымыздың уллы сиясатшысы, журтымыз тынышлығы, ўатанымыз раўажына үлкен
үлес қосқан шахс сыпатында Өзбекистан, бәлки жәҳән тәрийхында да өшпес из қалдырды.
2016-жыл
20–октябрда болып өткен Тәдбиркарлар ҳәм исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекистан либерал-демократиялық
партиясының VIII съездинде Шавкат Мирзиёев өзиниң “Демократиялық реформаларды
изшил даўам еттириў, халқымыз ушын тыныш ҳым пәраўан, мүнәсип турмыс дәрежесин
жаратыў – кең көлемли раўажланыў кепилидур” атлы баянатында төмендеги
пикирлерди айтып өтти:
“...Пүткил
дүняда қәўипли жағдай, миллетлер аралық соқлығысыўлар, сиясий ҳәм экономикалық
кризислер ҳәм де түрли қәўип-қәиерлер ҳәўиж алған дәўирде Ислам Каримовтың мәмлекетимизге
басшылық еткени Жаратқанның халқымызға көрсеткен бийбаҳа мәрҳаматы болды”.
Бүгинги
күнде Ислам Каримов қурған ҳым мийрас етип қалдырған келешеги уллы журт –
Өзбекистанды Президентимиз Шавкат Мирзиёев күшли сана ҳәм ақыл менен басқарып
келмекте. Бул болса, “Алланың нәзери түскен” Өзбекистан халқының үлкен байлығы
ҳәм шексиз бахтының айқын сәўлеси есапланады.
Динора БЕГДУЛЛАЕВА