вторник, 29 мая 2018 г.

GO’ZZALLIQ SHAYDALARI USHIN MASTER KLASS






-"Gózzallıq dúnyanı qutqaradı", deydi Gózzallıq do'gereginiń ağzası Rawshan Tólekova búgingi ótkerilip atirğan ilajdan sheksiz quwanıshqa tolıp.
Paytaxtımızdağı "Jaslar orayı"nda usı dógerek qatnasıwshılarına "Bagira" salonı qániygeleri kelip master klass shólkemlestirdi. Galina Anatolievna, Orınbasar Joldasbaev, Alimaeva Sara sıyaqli bir qatar tájriybeli salon ustaları óz ónerleri arqalı úyreniwshilerge shash qıyıw hám túydeklew boyınsha ámeliy sabaq ótti.
Bolıp ótken master klass haqiyqiy gozzalliq shaydalari ushin, jas shashtárez hám stilistlerge úlken tajriybe sabağı boldı.
Dinora BEGDULLAEVA
Ózbekstan jaslar awqamı
QR Keńesi janında dúzilgen "Jas jurnalistler" klubi ağzası

среда, 16 мая 2018 г.

ЖАСЛАРДЫ ЖЕТИКЛИККЕ ЖЕТЕЛЕЎШИ ЖЕТЕКШИ



Руслан Нажимов ҳаққында қысқаша мағлыўмат:
2010-жылы Аль Хорезмий атындағы Ташкент Информация технологиялары университети Нөкис филилалын тамамлаған.
Карақалпақ мәмлекетлик университети академиялық лицейи информатика пәни оқытыўшысы, ϴзбекстан жаслар аўқамы Басланғыш шөлкем жетекшиси.
29 жас.
Өмирдеги ураны: Хәмийше алға!
Идеалындағы каҳарман: Ана.
Алдына койған мақсети: Жасларды жетикликке жетелеў.
Жаксы көрген китап авторы: Ибрайим Юсупов.
Хоббйи: Дуўтар шертиў.

«Хәмийше алға!» - дейди устазымыз озиниң өмирдеги уранын айта отырып. Руслан Нажимов жасаўладтың қәбилетин раўажландырыў ҳәм ўатан ушынжанып жасайтуғын жетик жасларды жетилдириў, сондай-ак оларды ҳәрдайым алға умтылдырыўды өз алдына максет еткен.

- Елимизди ҳақыйқый имканиятлар журты десек асыра айтқан болмаймыз. Себеби, жаслар менен ислесиўши шөлкемлер – бурынғы «Камолот» ЖЖХ ҳәм бүгин өзине миллионлап жасларды қамтыған ϴзбекстан жаслар аўқамы сөзимиздиң айкын дәлийли. Бул аўқам жаслардың турмысында үлкен әҳмийетке ийе, ҳәттеки жасларымыздың шын мәнистеги қол-қанатына айланбақта. Ондағы имканиятлар да күннен-күнге көбейип, шәрт-шәраятлар жаратып берилмекте. Кала берсе, Жаслар аўқамының белсендилери болған орта арнаўлы билим журтлары оқыўшыларына да бир қанша жеңилликлер болып, олар жоқары оқыў орынларына имтихансыз кириў имканиятын қолға киритпекте,-дейди жетекшимиз жаслар ҳаққында сөз ашар екен.     
                      
 – Бизиң лицейимиз де талантлы ҳәм билимли жаслар кәмал таўып атырған дәргайлардың бири. Лицейимизде бир қанша таңлаўларға қатнасып атырған жеңимпазлар, өз мийнети ҳәм жетискенликлери арқалы Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары жетилисип шықпакта. Соның менен бир қатар, «Журт келешеги», «Жоқары мәнаўиятлы әўлад», «Уллы мақсетлерге умытылыўшылар», «Жас китапхан» танлаўлары ҳәм Жаслар аўқамының бир қанша илажларында белсене қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте. 
                          
Атап айтатуғын болсак, Айгул Жийенбаева, Гулжайна Пахратдинова, Динора Бегдуллаева, Сапура Темирханова хәм Айдана Алламбергеновалар қәбилетли ҳәм дөретиўши жасларымыздың қатарында, - дейди Руслан Нажимов оқыўшыларының жетискеликлери ҳаққында толып-тасып.

Жетекшимиз бенен қурған сәўбетимиз барысында оның бир қанша жетискенликлерине көзимиз түсти. 2017-2018-оқыў жылы даўамында ϴзбекстан Жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен өткерилген илажларға жасларды белсене қатнастырғанлығы ушын «Хүрмет жарлығы» менен сыйлықланғанлығы итибарымызды тартты.
- Мениң бул нәтийжеге ерисиўимде сизлердиң – талантын еле де асырып, үлкен жетискенликлерге ерисип киятырған жаслардың орны гиреўли,- деп устазымыз өз қанаты астына бирлестирген жасларына миннетдаршылығын билдирди.

Жақында ғана Руслан Нажимов басшылык етип ҳәм таярлап киятырған китапқумар жаслардан қуралған лицей командасы «Уллы мақсетлерге умытылыўшылар» пайтахт китапқумарлары танлаўында сыйлы 1-орынды ийеледи. Ал, булл болса, лицей оқыўшылары менен бир қатар жетекшимиздиң де салмақлы мийнети есапланады.
Мәмлекетимиз келешеги болған жасларды жетикликке жетелеп, оларды жоқары мәнаўиятлы әўлад етип тәрбиялаўда ғайрат салып ислеп атырған жетекшимиз Руслан Нажимовқа жетекшилик ҳәм машақатлы мийнетинде, сондай-ақ алдағы жумыслары ҳәм өмиринде үлкен табыслар, талмас күш-жигер тилеп қаламыз.

Динора Бегдуллаева
Карақалпақ мәмлекетлик университети
Академиялық лицейи 2-басқыш оқыўшысы.
Өзбекстан Жаслар аўқамы КР Кеңеси
жанында дүзилген
«Жас журналистлер» клубы ағзасы 




среда, 2 мая 2018 г.

"HAQIQIY BAHOR SHAHRISABZDA BO'LADI"


Related image

         “Martda qishni sovug’i ketmagan bo’ladi. Moyda yozni nafasi kelib qoladi. Haqiqiy bahor aprelda bo’ladi. Haqiqiy bahor Shahrisabzda bo’ladi…
Bugungi tadbirning tub mohiyatida, poydevorida turgan inson bitta – Shavkat Mirziyoyev. U kishi adabiyotimizga katta e’tibor qaratyabdi. Nima uchun sizlarni avtobuslarda olib borib, yo’l xodimlari tomonidan yo’llar ochib berilyabdi? Sizlarning yo’lingiz ochiq bo’lsin, deyabdi. Yurtboshimiz ijodkorlarimizning yo’li to’silmasin deb, barcha yo’llarni ochib, imkoniyatlarni yaratib beryabdilar” – deya ta’kidladi taniqli yozuvchi, adabiyotshunos olim va jurnalist Xurshid Do’stmuhammad.
                         

U kishining so’zlari va ijodkorlarga bildirgan katta ishonchi yoshlarga cheksiz ilhom bag’sh etdi va festivalni haqiqiy ijod olamiga aylantirdi.
                                           
                                        
Ulug’ sohibqiron bobomiz Amir Temur haykali qad ko’targan Oqsaroy maydoni va “Beruniy” oromgohi yosh ijodkorlarga chinakam ijodiy muhit vazifasini bajardi.       
                                         
6 yo’nalish: nasr, nazm, publisistika, dramaturgiya, badiiy tarjima va tasviriy san’at bo’yicha bahor ilhomlari ufurib turgan ijodiy asarlar festivalning mahsuli bo’ldi.
-Ijod sehri ila yaralgan asarlarimizni tarannum etganimizda ustozlarimiz o’z saboq va maslahatlarini berishib, haqiqiy ijod maktabini kashf etib berdi. Festival ijod faoliyatimizni yanada sayqallab, qalamimizning o’tkirlashishi va do’stlar orttirishimizga zamin yaratdi. Ijod maydonimizda joylashgan ko’hna imoratlar esa, tariximizga bo’lgan iftixor tuyg’usini uyg’otib, qalam tebratishga undadi. Hardoim yosh ijodkorlarni qo’llab-quvvatlaydigan Respublika Yosh Ijodkorlar Kengashiga o’zimizning cheksiz minnatdorchiligimizni izhor qila turib, adabiyotimiz ertasi bo’lgan yoshlarga Ibrayim Yusupov va Abdulla Oripovdek ijodiy muvaffaqiyatlar tilab qolamiz, - deydi festival ishtirokchilari bo’lgan bir qator qoraqalpog’istonlik yoshlar.


Butun O’zbekistonning ijodkor yoshlarini o’zida jam qilgan bu festival haqiqatan Shahrisabz dalalaridagi “O’zbekiston bahori” bo’lib oltin qalamlar ila ijodiyot tarixi zarvaraqlarida muhrlanadi.

                            

Dinora BEGDULLAYEVA
Respublika yoshlar markazi
Qoraqalpog’iston bo’limi
 yonida tashkil etilgan
“Yosh jurnalistlar”
klubi a’zosi