вторник, 10 декабря 2019 г.

СЕГИЗИНШИ КӘРАМАТ



(новелла)


Ақырғы ноқатты оқып, ол китапты жапты да, қыял дәрьясына сүңгип кетти. Инсан өмиринде секундлар ишинде қандай да ўақыя жүз берип, өмир жолында түптен бурылыс жасалады. Бираздан соң өз өмириниң ағысы қай тәрепке ағыўын ойлап ол қыял сүрер еди. “Неше жыллар болды, усы аўҳалдаман” деп қыз жүреги менен сәўбетлесе баслады. Ҳәрдайым сырларын бөлисетуғын күнделик дәптери де оның жүрегиндеги сырлары ҳәм дәртлери менен толып, көз жаслары менен жуўылып қалған еди. Стол үстинде ийеси сыяқлы муңайып турған дәптердиң есигин қағып, бетледи ҳәм тоқтаған жеринен даўам етти. Ҳәр анализ тапсырған сайын жүрегимди қысып, нәтийжесин күтип сарғаяман, соңында болса жақсы жуўап ала алмайман. Бул дәрттиң жүги мениң желкеме артылып, гүрес жүргизип атырғаныма да, мине, саррас сегиз жылдың жүзи. Буны "дәрт" деп те болмайды. Бул сөз жыллар тәрбиясының мийўеси болып, мениң сөзлигимнен усылай орын алған. Мен "оны" усылай атайман. Дәрт... Ата-анамның қарсылығына қарамастан, бул дәртти жеңиў ушын және бир урынып көрдим, бул ретки анализ нәтийжесин күтиў ушын да сабыр. Сабыр...

Кеўилиндеги қабат-қабат дәрттен сығылып шығып атырған көз жаслары еле сыяны да кептирип үлгермеген дәптер бетин оғыры ығаллады. Ол қалтырап атырған қолларынан ручкасын азат етти де, терең нәпес алып, оны өкпесинен шығарғысы келмей услап турды ҳәм көзлерин шырт жумғанша тынышлық сақлады. Бул жағдай оның ушын хәрдайымғы әдет ҳәм өзи ойлап тапқан қандайдур психиологялық шынығыў еди. “Я, Алла!” деген сөз тынышлық қушағынан атылып шықты да, гезек келип, кеўилден суўырылып, тилге көшип турған кейинги сөзлерди сыртқа шығарыўға қыз шоршынды. “Ҳәй жүрек, бунша сабырлысаң? Және қашанға шекем шыдамақшысаң? Сонша езилгениң жетпейди ме? Оннан гөре...” деди де, ишинен айтпакшы болған сөзинен де сескенди. Қәлбинен қандайдур саза келди де, ол қызды бул қайғы қушағынан суўырып алды ҳәм оны сыйқырлы сөзлерди айтыўға ийтермеледи. “Үмитиңди үзбе”, деп ол өз ишиндеги "мен"ине буйрық берип, бир гүрсинди де, көзлерин шырт жумып сол-сол Пауло Коэлоның инглис тилиндеги сөзлерин, шамасы, мыңыншы рет, я мың биринши рет тағы қайталады: "Miracles only happen when you believe in miracles" (Кәраматлар оларға исенсең ғана жүз береди).
Ол бул сөзлерине ноқат қойып, еринлерин қаўыстырыўға еле үлгермеген еди, қол телефонының дызылдаған даўысы тек қулағын емес, ал пүткиллей қулақ болып жатырған денесин сескендирди. Қалтыраған қоллары оған зорға тирек болып, аяққа турғызды. Телефон тәреп - мәнзил алыс сыяқлы туйылды оған. Гә оны алыўға асықса, гә қандай да бир қорқыныш сезими аяқларын турған жерине кисенлеп қойғандай оның табанын тарттырмады. Себеби, және кеўилсиз хабар еситиўге ол шыдамас еди. Қурылма дызылдысы тынды. Пүткил денеси менен оннан шығажақ сазаға қулақ салды. Оның сол заматтағы бет-әлпетиниң бозарып, турпатының қатып қалғанынан, ерксиз көз жасларының көзиниң моншағын жуўып, көл болып аға жазлағанынан буның әлбетте жақсы хабар емеслигин сезиў қыйын емес еди. 

Жылтыр перде менен қапланған көзлерин ашып-жумып жән-жаққа қарай баслады. Усы ғәнийметли демлер ишинде оның көз алдында артта қалған сегиз жыл даўамындағы өмири кино ленталарындай дизилип геўделенер еди. Қыздың ишки дүньясында ўақыялар бир-бирине қарысып, қозғалаң көтерер еди. Сыртқарыда болса тынышлық ҳүкимран еди. Усы нәзик демлерди бузып қойыўдан сескенди ме, алақаны менен аўзына тарнаў болып, даўыс шығармай жылар еди. Сонша ўақыт жылап-жылап та түўесилмеген көз жаслары бул рет өзенинен тасып кетти. Соң қыз әллекимди излеген сыяқлы, қолларын қармалап бөлмеден атлығып шығып кетти. 
Кесениң маңлайынан сүйип, жаңа ғана ыссы шайын уртлап атырған анасының баўырына атыла отырды. Бир уртламды жутар-жутпас, анасы қызының нөсер жаўын жаўған сыяқлы ығал болған жүзине тигилип қарады. Қыз ентиге-ентиге сөйледи де, анасы оны беккем баўырына басып, қызы менен қосыла қуўаныш көз жасын төкти. 

Мийирман Жаратқан ийем бул рет қыздың несийбесин берип, оны кәрамат пенен сыйлады. Қыз сегизинши ретки "анализ"ден - "тест сынағы"нан табыслы өтип студент болды!

                                                                                                Дәме СУЛТАН


Комментариев нет:

Отправить комментарий