вторник, 27 февраля 2018 г.

ЖАСЛАРДЫ ЖАНЛАНДЫРҒАН ЖУРНАЛИСТТИҢ «ЖАЛҒАНЫ»



-«Жол ҳақы бүгиннен баслап 1500 сўм болып, жетонлар қатнасығы тоқтатылады екен» - деген хабарды ерте таңда еситип, ҳайран қалдым,- дейди. Журналист Қумар Бекниязова.

Аудиторияны демниң арасында дискуссия ҳәм пикирлер шаўқамы қаплап алды. Себеби, тосыннан айтылған бул жаңалық  бәршени таңландырары сөзсиз.

26-27-февраль күнлери «Жаслар орайы»нда шөлкемлестирилиўи режелестирилген Республика жас журналистлер I медиа форумның биринши күниндеги семинарда жаслар ҳәрдайымғы айтылып атырған мағлыўматларды еситиўден шаршаған еди. Жоқарыдағы информацияны еситиўден жас журналистлерге жан енди.

-Ҳәр бир журналист еситкен хабарын өтирик деп қабыл кылыўы ҳәм оның дурыс екенлигине исеим кәмил етиўи керек, - деп журналист гәбиниң изин жалғастырды.
«Жалған» хабардан кейин форум қатнасыўшылары дурыс шешим шығарып, процести қызғын даўам еттирди.

Динора БЕГДУЛЛАЕВА

воскресенье, 25 февраля 2018 г.

МЕДИА ФОРУМҒА СТАРТ БЕРИЛДИ

                                         


   
Бүгин уллы мақсетлерди жобаластырып, үлкен ислерди әмелге асырыў ушын жаратқан инсаниятқа және бир әжайып күнди инам етти.
Журналистикаға қызығыўшылығы бәлент ҳәм бүгинги күннен үлкен үмитлерди, нәтийжели ислерди күтип атырған жас журналистлер ерте таңнан «Жаслар орайы»на асығып, Республика жас журналистлер биринши медиа форумында қатнасыў ушын дизимнен өте баслады.
                                                                                       Динора БЕГДУЛЛАЕВА


четверг, 22 февраля 2018 г.

ҚӘРЕКЕҢНИҢ «МУЗЛАТҚЫШ»Ы








«ЕСТЕЛИК»



                                          (гүрриң)
Айдос пенен Султанбек жақын дослар. Олар бир кластынў билимли ҳәм ақыллы оқыўшылары. Айдос математикаға қызығады, ал Султанбек әдебий шығармаларды оқыўды унатады.
Бир куни еки жора сабақтан шығып, мектеп жанындағы китап дуканына барды. әдеттегидей Айдос математикалық мәселе ҳәм комикс китапларды, ал Султанбек болса, әдебий китаплар қатарын аралап жүрип, «Естелик» атлы китапты алды. Бул китаптың баҳасы арзан ҳәм ескирек еди. Султанбектиң қасында ақшасы аз болғанлықтан, ең арзан китапты сатып алды. Балалар китап дүканынан шығып, дүкан алдындағы скамейкаға барып отырды. Олар бир-бирине алған китапларын көрсетип атыр.
-Султан жора, китабыңды неше сўмға алдың?
-Алты мың сўмға,- деп жуўап берди Султанбек.
-Китабың ап-арзан ғой, және гөнерек екен. Мен мына еки китапты жигирма жети мың сўмға сатып алдым,-деп Айдос қолындаәы еки китабын көрсетти.
-Достым, китаптың жақсы, яки жаманлығы оның бахасына байланыслы емес ғой. Мениңше, бул китаптың сырты гөне болғаны менен ишиндеги билимлери, дөретиўши инсанның сезимлери мениң руўхый дүнямды байытады. Мен буны материаллық көринистеги руўхый байлық деп атайман.
-Ымм... Мениң мына китапларымда зор мәселелер ҳәм есаплар бар екен. Мен ондағы мәселелелерди шешип, бас қатыраман.
-Айдос, сен не ушын әдебий китапларды да оқымайсаң?- деп Султанбек Айдосқа таңланып қарады
-Мен тек математика менен физиканы жақсы оқып, үлкейгенде ағам айтқанындай профессор болсам болды.
-Дурыс, сен өзиң қызыңңан пәнлерди жақсы оқыўың керек, бирақ айтадығой, “Китап оқымаған саўатлы адам саўатсыз адам менен барабар”.
-Усы сөзленди ағам да айта береди. Ол үйдеги өзиниң китапханасында турған әдебий китапларды оқыўымды айтады. Бирақ ол мени оларға хеш қызықтыра алмайды.
Сонда Султанбек “Эх, сол китаплар менде болғанда еди...” деп ишинен айтып қойды да, еки жора орынларынан турып, үйлерине қайтты.
Ертеңине класта тәнепис ўақтында Айдос кешеги сатып алған китабынан мәселелер шешеип басын қатырып отыр еди, оның қасына Султанбек келип отырды. Ол китаптағы мәселелерге бир үңилип, бир қағазды шыжбайлап отырған Айдос пенен “Естелик” китабынан орын алған қосықларды биргеликте оқып, пикир алмасыўды қәледи. Бирақ Айдос жыны қозып, басы қатып отырғанлықтан, Султанбекти тыңламады да. Соң Айдос ашыўы шығып, Султанбекке:
-Әдебиятыңды неге маған оқып берип отырсаң? Көрип турсаң ғой, мәселе шешип атырман-деп бәлент даўыста бақырып иберди.
Султанбек Айдосқа кесент етип отырғанын билер, бирақ оны да әдебиятқа қызықтырыў нийети бар еди. Ал, Айдостың бул дәрежеде аўыўы шығып, бақырып жибериўин ойёна да келтирмеген еди.    
Сабақ басланып, Айдос китапларын жыйнастырды да ана тили сабағын алды. Соң Султанбекке бир қарап қойды да, оның китапты ишине сүңгип кетейин деп оқып отырөанын көрип, бағана айтқан гәплери есине түсти. Сабақтан соң еки жора мектептен бирге қайтты. Бирақ Султанбек ренжигенликтен, ал Айдос достына қатты сөйлеп, уялғанлықтан, бир-бири менен ҳеш сөйлеспеди.
Айдос үйине келип, сабақларын таярлады. Соң мәселе китабын алды да, есап шығарыўға кирисип кетти. Бир ўақытта қатып отырған басына бирден бағанағы ўақыя тырс етип урылғандай, Султанбек есине төсип кетти. Кейин ол орнынан турып, китапларын жыйнастырды. Соң негедур Айдос ағасының китапханасына жол алды.
Ол ағсынң китапларын көзден кешире баслады. Айдос китапларды аралап жүрип, бир таныс китапты көрип қалды да, бирден тоқтады. Ол Султанбектиң китап дүканынан сатып алған ҳәм ҳәр күни қолынан тасламай оқып жүретуғын “Естелик” китабы еди. Айдос китапты қолына алып, орынлыққа барып отырды ҳәм қандайдур күш оны бул китапты ашып, оқыўға ийтермеледи. Ол бул китаптың биринши бетин ашар екен, “Улларыма естелик” деген қол жазыўына көзи түсти. Соң ол китапты бетледи де, қосықларды оқыўға кирисип кетти.
Бир  ўақытта Айдостың ағасы китапханаға кирди де, баласының китапты соншелли ықлас пенен оқып атырғанын көрип, хайран қалды. Соң, Айдосқа кесент етпейин деди де, керекли китапларын алып, шығып кетти.
Айдос гә китаптағы қосықларды оқып, гә ондағы сүўретлерди тамашалап отырар еди. “Естелик” китабындағы қосықлар онда өзгеше қызығыўшылық оятқан, олардағы сезимлер ҳым пикирлер Айдостың кеўлине дақындай түйилер еди. Соң ол бираз ойға шумып та алар еди.
Есиктиң шыйқ еткен даўысы қыял дәрясына ығып баратырған Айдостың дыққатын бөлди. Ағасы баласының қасына жақынлап, оған ҳәм оқып отырған китабына нәзер таслады.
-Балам, қандай китап оқып отырсаң?
-“Естелик” деген китап, аға.
-Жақсы. Бул китаптың авторы ким екен? – деди ағасы сораўлы пишинде.
Айдос бул китаптың авторына ҳеш итибар бермеген еди. Соң:
-Абди Мурат, - деди китаптың төбесинде турған жазыўды оқып.
-О-о. Ол ким екенин билесең бе?
-Шайыр болса керек.
-Әлбетте шайыр дә. Оның бизге ким болатуғынын ше?
-Яқ, ол сизиң танысыңыз ба?
-Китаптың ишиндеги сүўретлерди көрмедиң бе?
-Көрдим.
-Ал, сонда-не?  
Айдос китаптың сүўретлер сәўлеленген бетин ашты да жақсылап нәзер салды.
-Ҳаў, аға бул сизиң кишкенелигиңизде ағаңыз бенен тўскен сүўретиңиз ғой. Бул сүўретти үйдеги альбомда да көрген едим.
-Сол сүўреттиң астына не деп жазып қойылған?
-Мурат Абдижамилов баласы Мақсет Абдижамилов пенен”, - деп жазылған.  
-Сонда-а?
-Аға, бул сизиң ағаңыз, яғный Мурат атам ба? – деди Айдос таңланып.
-Аўа, балам. Сениң атаң шайыр болған. Абди Мурат – оның әдебий лақабы. Бул китап саған, маған ҳәм әжағаларыңа атаңнан естелик болып есапланады. Ол барлық жазған мийнетлерин усы китапқа жыйнаған ҳәм оны “Естелик” деп атаған.
Сол ўақытта баяғы “Улларыма естелик” деген китаптың биринши бетиндеги жазыў  Айдостың есине түсти. Ол бул китапты қай тәризде ықлас пенен оқып кеткенин ҳәм ондағы қосықлардың өзине жақын сезилгенин енди аңлап жетти.
-Аға, атамның бул китабындағы қосықлар тәсирли ҳәм тәрбиялық әҳмийетке ийе өзгеше қосықлар екен. Бул китапты менинң достым Султанбек те қунт пенен оқып жүр. Енди мен атамның китабын досларыма да көрсетип, оларға оқыўдқ мәсләҳат етемен, - деди Айдос қуўанып.
-Бәрекеллә, балам. Атаңнан қалған усындай бийбаха мийрасты қәстерлей билгениң мениң кеўлимди таўдай көтерди. Ҳыр дайым есиңде тут, китап оқыған адам ҳеш қашан ҳым ҳеш кимнен кем болмайды.
-Әлбетте, аға. Сиз де, достым Султанбек те дурыс айтасызлар. Енди мен де достым менен биргеликте әдебий китаплар оқыйман. Себеби, “Китап оқымаған саўатлы адам саўатсыз адам менен барабар”...
“Естелик” китабы Айдосты әдебий китапларды оқып, олар менен барқулла дос болыўға ийтермеледи. Султанбек ҳәм Айдос енди биргеликте китапханадан әдебий китаплар алып оқыйтуғын болды.
Дәме СУЛТАН 

среда, 14 февраля 2018 г.

«БЕМИННАТ ДЎСТ» ЁХУД КИТОБ – МЕНИНГ ХАЁТИМДА



                                                      Агарда мен подшох бўлсам, жазоли қулга,
Китобингни ўқитар эдим, сотиб туриб, олғизиб пулга.
Ибрайим Юсупов

Инсоннинг онг-тафаккури ва маънавиятини бойитиб, ички дунёсини шакллантириб, унда гўзал ҳис-туйғуларни уйғотувчи бебаҳо бойлик бу – китоб ҳисобланади. У кўнгилни ҳаёл дарёсига ғарқ этиб, осмон узра қанот қоқиб, баландларга пар ундайдиган воситадир. Китоб илм ва ижодга чанқоқ бўлган қалблар чанқоғини илм ва билимнинг зилол сувлари билан қондирадиган мисли бир булоқдир. Маънавият қуёши бўлган ушбу беъбаҳо нарса зиё истаган кўнгилларга ўзининг чексиз илиқ нурларини сочишдан чарчамайди.
«Китоб – билим булоғи» - деган улуғ сўз бор доно халқимизда. Сабаби китоб – бу чексиз илм сўқмоғи, теран билим дарёи, ўзидан маънавият нурларини таратувчи ёруғлик, яъни китобимиз – офтобимиздир. Буйук донишманд айтганидек: «Китоб – бу  бойлик. Унинг сотиб олингани эмас, ўқилгани». Тўғри. Китоб – бу бойлик, агар ундаги бор нарсани ўз онгимизга сингдириб, уни чин ихлос билан ўқиб-ўргансак. У маънавий дунёмизни бойитувчи, уни зар билимлар билан безовчи мисли бир заргардир.





                                                         

Агар одам оғир меҳнатдан сўннг толиқса,чарчаса, бўш вақтларида зерикса, унинг энг яқин дўсти, сирдоши китоб саналади. Айниқса, бадиий китоблар рухий жиҳатдан дам олишга, кўнглини кўтаришга ёрдам берадиган, доимо оға интилдирувчи, тўғри йўлни силтовчи ва бутун умр давомида беъминнат хизмат қилувчи энг яқин ҳамрохдир. Ўзларининг илоҳий дунёсида қалам тебратиб, ижод қиладиган ёзувчи ва шоирлар ўз кўнгил кечирмаларини, юрагининг туб-тубидан қайнаб чиқаётган туйғуларини бадиий томондан тасвирлаш орқали янги асарларни дунёга келтиради. Бу эса, инсонга эстетик жиҳатдан ўзгача бир завқ бағш этади. Ижодкор аҳли ўзининг ижодий қобилияти ила инсонийлик фазилатларини оқ қоғозга жам этиб, яна битта янги дунёни кашф этадилар.

Буюк алломалар, олимлар, доно шахслар, шоир ва ёзувчиларнинг «буюк» деган номга мушарраф бўлишлари ҳам тўсатдан эмас. 
 Уларнинг барча меҳнатлари-ю заҳматлари, тўғри-ю хато ишлари, чеккан азоблари-ю, кўрган роҳатлари – барча-барчасининг туб-томирида теран билим, кучли онг-у тафаккур, тинимсиз меҳнатлари ва ҳақиқий қунд асосий ўринни эгаллайди. Бу ўлчамларнинг ҳаммаси китобда жамланган. У шундай улуғ хазинаки, ҳеч қачон тугамайди.
Ўзбек адабиётининг беқиёс ижод эгаси Ўткир Ҳошимов ўзининг «Дафтар хошиясидаги битиклар» номли китобида «Беминнат дўст» дея китобни қуйидагича таъкидлайдилар:

«Эътибор берганмисиз-йўқми, билмадим-ку, садоқатда тенгсиз дўстингиз бор. Қачон хоҳлашангиз сиз билан ҳамсуҳбат бўлади. Шод пайтингизда қувончингизга қувонч қўшади. Ғамгин паллада дардингизни олади. Билмаганингизни ўргатади. Адашсангиз, тўғри йўл кўрсатади. Яқин кишиларингиз бурилиб кетганида ҳам у сизни тарк этмайди. Хизмати учун ҳеч нима тама қилмайди. Йиллаб унутиб, ташлаб қўйсангиз индамайди. Ҳатто улоқтириб юборсангиз ҳам аразламайди. Тағин чорласангиз, етиб келиб, хизматингизни қилаверади…
…Бу дўстнинг номи – Китоб!»
Боболаримиз китобни ўқиган, қадрлаган ва бугунги авлодга меърос этиб қолдирган. Тарихимиздаги улуғ ижодкор инсонларнинг олтинга тенг, бебаҳо сарлари биз учун катта бойлик, тугамас хазина саналади. Чунки уларда миллатимизнинг неча асирлик тарихи, ота-боболаримизнинг меҳнатлари, ботир ўғлонларимизнинг қаҳрамонликлари, азиз ва жона-жон халқимизнинг урф-одат, дастурлари – барчаси ўз номоёндасини топган.
Биринчи Президентимиз Ислом Каримов айтганидек: «Тарихсиз келажак йўқ». Шу боис, бугунги навқирон авлод ота-боболаримизнинг тарихини ва тенги йўқ меъросларини чуқур ўрганиб, эртанги келажак эгаларига етказишлари жоиздир. Бунинг учун албатта, билим булоғи бўлмиш китобларни ўқишимиз керак.


2017 йил 12 январда президентимиз Шавкат Мирзиёвнинг «Китоб маҳсулотларини босиб чиқариш ва таркатиш тизимини ривожлантириш, китоб ўқишни ва китобхонлик маданиятини шакллантириш ҳамда тарғибот қилиш бўмча комиссия тузиш ҳакида» карори қабул қилинди.
Бунга мувофиқ юртимизда ўқувчи ёшларнинг китобга бўлган қизиқиши ва талабини орттириш, уларни китоблар билан банд этиш чора-тадбирлари амалга оширилмоқда. Президентимизнинг бу ката диққат-этибори ва имкониятлари шундан дарак берадики, биз Ўзбекистон ёшлари ҳар бир соҳада илғор, билимдон ва ўткир зеҳнли бўлишимиз, Ватанимиз равнақи ўлида ҳали ҳам уқиб, изланиб, келажакда баркамол шахс бўлиб етишишимиз биз учун ҳам қарз, ҳам фарздир. Зеъро, «Ёшлар – келажак бунёдкори».
 



Динора БЕГДУЛЛАЕВА
Қорақалпоқ давлат университети
 академик лицейининг 2-босқич ўқувчиси