-«Жол
ҳақы бүгиннен баслап 1500 сўм болып, жетонлар қатнасығы тоқтатылады екен» -
деген хабарды ерте таңда еситип, ҳайран қалдым,- дейди. Журналист Қумар
Бекниязова.
Аудиторияны
демниң арасында дискуссия ҳәм пикирлер шаўқамы қаплап алды. Себеби, тосыннан
айтылған бул жаңалық бәршени
таңландырары сөзсиз.
26-27-февраль
күнлери «Жаслар орайы»нда шөлкемлестирилиўи режелестирилген Республика жас
журналистлер I медиа форумның биринши күниндеги семинарда жаслар ҳәрдайымғы
айтылып атырған мағлыўматларды еситиўден шаршаған еди. Жоқарыдағы информацияны
еситиўден жас журналистлерге жан енди.
-Ҳәр
бир журналист еситкен хабарын өтирик деп қабыл кылыўы ҳәм оның дурыс екенлигине
исеим кәмил етиўи керек, - деп журналист гәбиниң изин жалғастырды.
«Жалған»
хабардан кейин форум қатнасыўшылары дурыс шешим шығарып, процести қызғын даўам
еттирди.
Динора БЕГДУЛЛАЕВА
Комментариев нет:
Отправить комментарий