Ўатан ушын ойланбаған,
Халқы ушын қыйналмаған,
Жарақ алып сайланбаған,
Нәмәрт жигит неге дәркар?
Өзбекистан
ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Аббаз Дабылов быйыл 120 жаста. Усы мүнәсибет
пенен орынларда әдебий кешелер ҳәм басқа да илажлар өткерип келинбекте.
Жақында
бизиң лицейимизде шайырға бағышланған «Халық сүйген талант ийеси» атамасында илимий-теориялық
конференция өткерилди. Онда шайыр Халила Дәўлетназаров, баласы Мурат Дабылов
ҳәм ақлығы Рашид Аббазов мийманда болды. Лицейдиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты
пәни муғаллими Перигүл Далиева ҳәм Мурат Қуданазаров А.Дабыловтың өмири ҳәм
доретиўшилиги бойынша баянат жасады.
Кейин
лицей оқыўшылары тәрепинен шайырдың қосықлары дуўтар намаларына салынып, шебер
атқарылды.
Динора
БЕГДУЛЛАЕВА
Қарақалпақ
мәмлекетлик университети
академиялық
лицейи 2-басқыш оқыўшысы
Комментариев нет:
Отправить комментарий