суббота, 30 июня 2018 г.

ЖАСЛАР АЎҚАМЫ ҚОЛ-ҚАНАТ БОЛДЫ



-Жас қызларды жумыс пенен тәмийнлеп, тигиўшилик искерлигимди және де раўажландырыўға улес қосып, әмелий жәрдем көрсетип атырған ϴзбекстан жаслар аўқамына миннетдаршылығым шексиз,-дейди имтиязлы кредит алыўға ерискен жас исбилермен Мухаббат Байымбетова.
Хожели районындағы «Дилафруз» кийим тигиў цехында еки қызды жумыс пенен бәнт етип, жумыс ислеп атырған қахарманымыз жақында ғана Жаслар аўқамыныӊ қоллап-қуўатлаўында 15 миллион сўм муғдарында 7 пайызлы кредит алып, исбилерменлигин еле де раўажландырыўды ҳәм көплеген жумыс орынларын ашыўды алдына мақсет еткен.
-Жасларға мине усындай имканиятларды жаратып, оларды қоллап киятырған Жаслар аўқамы маған қол-қанат болды,-дейди Мухаббат Байымбетова сәўбетимиз соӊында.








                                                                                                                       Динора БЕГДУЛЛАЕВА
ϴзбекстан жаслар аўқаамы

 ҚР Кеӊеси жанында дузилген
«Жас репортёрлар» клубы ағзасы



Комментариев нет:

Отправить комментарий