воскресенье, 22 апреля 2018 г.

ХОЖЕЛИЛИК ЖАСЛАРҒА ЖАӉА ИМКАНИЯТЛАР



«Жаслардың бос ўақты – шайтанның ис ўақты», - дейди дана халқымыз. Ҳақыйқаттан да келешегимиз болған жаслардың бос ўақты болыўы яки оны зая кетириўи жаман әдетлерди арттырып алыўына жол ашып береди.
Бүгинги күнде жаслардың бос ўақытларында оларды өз қызығыўшылықларынан келип шығып, пайдалы ислер менен бәнт етиў, тил үйрениў ҳәм қәбилетлерин асырыў мақсетинде орынларда көплеп ис-илажлар әмелге асырылмақта.
Жақында Хожели районындағы «Жаслар орайы»нда бир қанша дөгереклер ашылып, өз жумысын баслағаны район жасларына үлкен қуўаныш бағышлады. Ҳәзирде инглис ҳәм рус тили, тәрийх пәнлери, сондай-ақ аспазлық ҳәм шаштәрезлик дөгереклери жаслар менен толып, қызғын искерлик алып бармақта. Иглис тили бойынша Жарылкаганова Айшахан, Жуманиязова Мухаббат, рус тилинен Аметова Гулжахан ҳәм тәрих пәнинен Алаваддинов Оллоҳёр илим ҳәм билимге қумар жасларға сабақ берип келмекте. Шаштәрезлик бойынша Реймова Гули сабақ өтип атырған болса, аспаз жаслар устазы Жийемуратова Юлдуздан аспазлық өнери сырларын үйренип келмекте.
-Мен аспазлық өнерин жақсы үйренип, кишкенелигимнен аспаз болыўды арзыў еткенмен. Биз жаслар ушын жаратылған мине усындай имканиятлардан өнимли пайдаланған ҳалда, «Жаслар орайы»нда ашылған бийпул дөгеректе өз қәбилетимди асырып атырман, - дейди аспазлық топарының оқыўшысы Кеңесбаева Гүлхан.
Ҳәзирге келип, булл дөгереклерге қатнаўшылардың саны 600 дан асқан. Бул болса, билимли, излениўшең ҳәм талантлы жасларымыздың бос ўақытлары мазмунлы өтип атырғанлығынан дерек береди. Исенимимиз кәмил, қәбилетли жасларымыз қатары көбейген сайын имканият есиклери де ашыла береди.

Динора БЕГДУЛЛАЕВА
«Жаслар орайы» Қарақалпақстан бөлими жанында дүзилген
«Жас журналистлер» клубы ағзасы


вторник, 10 апреля 2018 г.

ТОПАРЛАСЛАРЫМНЫҢ ТАБЫСЛАРЫ



Руўхый дүням - мениң байлығым
-Инсан руўхыятын раўажландыратуғын нәрсе - бул билим болса, оны гөззал сезимлер хәм жақсылыққа бөлейтуғын сыйқырлы нәрсе бул - дөретиўшилик, -дейди топарымыздағы ең билимли хәм талантлы оқыўшылардың бири Надира Артықбаева.
Надира кишкенелигинен китап оқыўға шынтлап ықлас қойған. Бос ўақыт табылды дегенше, әдебий китап оқыўға тырысады. Әсиресе, өзбек әдебиятының сөнбес жулдызлары болған Мухаммед Юсуф, Абдулла Арипов хәм Өткир Хошимов шығармаларын сүйип оқыйды. Өзи де өзбек тилинде дөретиўшилик етип, устазлары менен кеңесип турады. Сондай-ақ, Нодира шет тиллерин үйрениўге жудә қызығады. Шет тиллери бағдарында оқып, инглис тилин қунт пенен үйренип атырған ол өзбек тили бойынша қолға киргизген жеңиси менен топарласларын хәм устазларын үлкен қуўанышқа бөледи. Лицейимизде болып өткен "Пән олимпиада"сында өзбек тили бойынша сыйлы 1-орынды ийелеп, Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алған еди. Пән оқытыўшылары Искендер Қурбанбаев хәм Гүлжан Абдуллаева менен қызғын таярлықлар көре баслаған Надира дөретиўшилик қәбилетин еле де рауажландырыўға беккем бел буўды.
Жақында ғана академиялық лицейлер хәм кәсип-өнер колледжлери арасында өткерилген беллесиўде де бириншиликти өзлестирди. Нодира бул жеңиси менен ата-анасы, устазлары хәм пүткил лицей жәмәәтиниң мақтанышына айланды.
-Мениң ең жақын досларым болған әдебий китаплар мениң жеңислеримниң тийкарында әхмийетли орынды ийелейди. Солай екен, бундай садық досларымнан хешқашан қол үзбеймен хәм бәрше жаслардың китаплар оқып, жоқары нәтийжелерге ерисебериўине тилеклеспен,-дейди жеңисинен толқынланған Надира.

Арзыўлар әмелге аспақта
-“Ich bin sehr glűcklich”,-дейди жеңисинен толқынланған Сәрбиназ қуўанышы ишине сыймай. Оның бундай қуўанышына не себеп деп ойлайсыз?...
Сәрбиназ кишкенелигинен шет тиллерин үрениўге қызығады. Әсиресе, оның немис тилине болған ықласы бәлент. Қанлыкөл районындагы 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқып жүрген гезлеринен-ак, ол немис тилин терең меңгере баслады. Өзиниң билими хәм таланты арқалы көплеп жарыс ҳәм беллесиўлерде белсенди болған. Атап айтқанда, 2014-жылы «Билимлер беллесиўи»ниң районлық басқышында биринши, ал республика басқышында сыйлы 2-орынды ийеледи. 2015-жылы да районда биринши ҳәм республикада екинши болды. «Пән олимпиадасы-2016» Қанлыкөл районлық басқышында сыйлы 1-орын, Карақалпақстан Республикасы басқышында сыйлы 3-орын ийеси болды.

Шет тиллерин үйрениўге болған қызығыўшылығы себепли Сәрбиназ  2016-жылы Қарақалпақ мәмлектлик университети академиялық лицейиниң Шет тиллер бөлимине оқыўға тапсырды. Бул жерде де пән оқытыўшысы Абадан Тилеўмуратова менен қызғын таярлықлар көрди. 2017-жылы “Schulen Partner der Zukunft” проэкти тәрепинен өткерилген «Х Көркемлеп оқыў» көрик таңлаўында сыйлы 2-орынды қолға киритти.
-Германия - бул мениң арзыў-мақсетлеримниң бийик шыңы сәўлеленген орын,-дейди Сәрбиназ арзыўлары хаққында сөз аша отырып. –Мен ол жерде немис тилин терең үйренип, мәмлекетимизде бул тилдиң еле де раўажланыўына өз үлесимди қосыў нийетим бар. Жасларға немис тилин үйретиў ҳәм олардың қәбилетин раўажландырыў ушын роэктлер ислеп шығыўды өз алдыма мақсет етип қойыппан, - деп кеўлииң бир шетине түйип қойған арзыў-нийетлерин биз бенен бөлисти ол.
«Арзыўлар әлбетте әмелге асады. Ең кереги оларға болған исеним», дегениндей, Сәрбиназдың да арзыўлары әмелге аспақта. Жақында ғана немис тили бойынша өткерилген имтиханда қахраманымыз A1 дәреже ийеси болды. Ең тикарғысы Германияға барып, окып қайтыў имканиятын қолға киритти. Сәрбиназдың бул жеңиси келешектеги арзыўларының әмелге асыўында пардийўал болып хызмет етеди.
Елимизде жаратылған кең имканиятлардан үнемли падаланып атырған жаслар сөзсиз Өзбекстанымыздың ертенги айын келешегиниң қурыўшылар есапланады. Билим ҳәм китапты қурал етип алған топарласларым Надира ҳәм Сәрбиназға келещекте еле де үлкен шыңларға ерисиўин тилеп қаламан.

Динора БЕГДУЛЛАЕВА
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
 академиялық лицейииң 2-басқыш оқыўшысы

суббота, 7 апреля 2018 г.

"ЖАС ДӨРЕТИУШИЛЕР" КЕЛЕШЕКТИ ДӨРЕТПЕКТЕ

                                                         
"Қарақалпақ әдебиятының раўажланып, жәхән әдебияты дүрданалары қатарына қосылыўы ушын дөретиўшилик етемен", деген уллы мақсетке умытылыушы жасларды өз ишине қамтыған Өзбекистан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикамы Кеңеси жанында дүзилген "Жас дөретиўшилер" клубы жақында ғана өзиниң жумысын баслады.

Бул клуб тамырында Күнхожа, Әжинияз хәм Бердақ сыяқлы уллы бабаларымыздың дөретиўшилик илхам-йошы қайнап турған бир қатар шайыр хәм жазыўшы, әдебияттың драматургия хәм әдебий сын тараўларына, сондай-ақ аўдармашылыққа қызығыўшы жасларды жәмлестирген.
Клубтың ашылыў мәресиминде аўдармашылық, поэзия, проза, драматургия хәм әдебий сын бағдарлары бойынша сәрдарлар сайлап алынды. Арнаўлы тараў қәнийгелери тәрепинен клубтың дөретиўши жасларына сабақлар өтилип, семинар-тренинглер шөлкемлестирилмекте.
                                                                    "Жас дөретиўшилер" қарақалпақ әдебиятының келешегин дөретпекте...


Динора БЕГДУЛЛАЕВА
Өзбекистан жаслар аўқамы
 Қарақалпақстан Кеңеси жанында дүзилген
 "Жас дөретиўшилер" клубы ағзасы

четверг, 5 апреля 2018 г.

АРЗЫЎЛАРЫ АСПАН АЛЬБИНА




-Келешектеги алдыма қойған мақсетим Германия мәмлекетинде оқып, немис тили бойынша топлаған тәжрийбелеримди әмелге енгизген ҳалда жаслар ушын проект ислеп шығыў, - дейди биз сөз етпекши болған арзыўлары бәлент қахарманымыз Альбина Рахметуллаева.
Альбина кишкенелигинен шет тиллерин үйрениўге ықлас қойған полиглот жаслардың бири. Пайтахтымыздағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқып жүрген гезлеринен-ақ оның немис тилине болған қызығыўшылығы арта баслаған. Пән оқытыўшысы Малина Тажигалиевадан бул тилди тереңнен үйрене баслаған ол өз билими ҳәм қәбилети арқалы көплеген беллесиўлерде үлкен нәтийжелерге еристи.
2014-2015-оқыў жылында Альбина «Билимлер беллесиўи»не немис тили пәни бойынша қатнасып, Нөкис қалалық басқышта сыйлы 1-орынды, ал Қарақалпақстан Республикасы басқышында 2-орынды алыўға еристи. 2015-жылы еле де қызгын таярлықлар көрип, намис тили бойынша имтиҳан тапсырды ҳәм А2 дәрежени қолға киритти. Бул арқалы ол Ташкент қаласындағы Гёте атындағы немис тили институтында оқып қайтыў бахтына миясар болды. Сондай-ақ сол жылы “Schulen Partner der Zukunft” проекти тәрепинен өткерилген сегизинши Көркемлеп оқыў таңлаўына белсене қатнасты.  9-класс ўақтында болса, «Пән олимпиадасы»ның Қарақалпақстан Республикасы басқышында сыйлы 1-орынды ийелеген ол беллесиўдиң улыўма жеңимпазы деп табылып, «Гүўалық» пенен сыйлықланды. Усы гүўалық арқалы Альбина Қарақалпақ мәмлекетлик университети академиялық лицейиниң Шет тиллери бөлимине имтихансыз оқыўға қабылланды.
Тынып-тыншымаған қахарманымыз лицейдиң немис тили пәни оқытыўшысы Абадан Тлеўмуратова менен биргеликте немис тилин тереңнен үйрене баслады. Ҳәттеки ол булл тилде қосықлар да дөретип, бир қанша танлаўларда белсендилик көрсеткен.
Быйылғы жылы да Альбинаның табысларының изи үзилмеди. Ол «Пән олимпиадасы»ның лицей басқышында жеңиске ерисип, Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды. Шынында да әўмети күлген билимли қыз Альбинаға бул басқышта да жеңимпазлық несип етип, 1-орынлық «Диплом» менен сыйлықланды.
-Мениң немис тилине болған қызығыўшылығымды оятқан ҳәм оны раўажландырыўда үлкен орын ийелеген ата-анам, устазларым ҳәм “Schulen Partner der Zukunft” проектине шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. Келеси жылы да жеңимпаз болып, Қарақалпак мәмлекетлик университетиниң Немис тили филологиясына оқыўға тапсырыў нийетим бар, - дейди Альбина Рахметуллаева айдын келешегине көз тигип.
Биз де Альбинаның арзыў-мақсетлери иске асып, келешекте Германияда оқыўы арқалы елимиз раўажланыўына өз үлесин қосыўына тилеклеспиз.

Динора БЕГДУЛЛАЕВА
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
 академиялық лицейиниң 2-басқыш оқыўшысы

БУВАМНИНГ ТАЛАБАСИМАН, -дейди фан олимпиадаси ғолиби Ойгул Жийенбаева




Қизим, ҳеч қачон ижод ва ўқишдан тўхтамагил. Агар меҳнат қилсанг, албатта роҳатини ҳам кўрасан”, -дея бувасини эслайди Ойгул. У кўзидаги қувонч кўз ёшлари ила “Сен мувавфақият қозониб, талаба бўлсанг мен бундан ва меҳнатларим самарасидан шод бўламан, дунёдаги энг бахтли бува бўламан” деган сўзларни фахр ила тилга олади.
-Кичкиналигимдан адабиёт бўстонига қадам қўяр эканман, наср гулшанида менинг қўлимдан еталаган устозим бу – бувам Жийенбай Ережепов ҳисобланади. Улар менга ҳардоим ўз билганларини ўргатиб, тўғри йўл силтаб келганлар. Қорақалпоқ тили ва адабиётидан ўқитувчи бўлган бувам менинг ҳам она тилимизга бўлган қизиқишимни янада ошириб борди ва мана бугун фан олимпиадасининг ғолиби бўлишимда уларнинг ўрни беқиёс бўлди, - дейди қаҳрамонимиз ўз ютуқлари ва ижод йўлидан сўз оча ўтириб.
Ойгул Жийенбаева ўзининг ижод намуналари билан Республикамиздаги бир қатор газета ва журналларда, шунингдек танловларда катта натижаларга эришиб келмоқда. Қорақалпоғистон болаларининг журнали бўлган “Қарлығаш”, “Жеткиншек” ва “Қунғироқ” ҳамда “Қарақалпақстан маденияты” газеталарида унинг мақолалари ва асарлари чоп этилмоқда. Ўз иқтидори ва билими билан “Сиз қонунни биласизми?”, “Солиқ билимдонлари”, “Маҳаллам менинг тақдиримда” ва “Жеткиншек” газетасида ўтказилган танловларда катта йутуқларга эришган.
Хўжайли туманидаги 15 сонли мактабининг 6-синфлик давридан буён қорақалпоқ тили ва адабиёти фани бўйича “Билимлар беллашуви” ва “Фан олимпиада”ларида фаол бўлиб келган Ойгул бугун устозларининг ва ўз меҳнатларининг натижасини кўриб қувонмоқда. Ҳозирда Қорақалпоқ давлат университети академик лицейининг ижтимоий-гуманитар фанлар йўналиши 3-босқичида ўқиб келаётган у фан ўқитувчиси Заман Оразбаев билан беллашувларга қизғин тайёргарликлар кўрди. “Фан олимпиадаси”нинг Қорақалпоғистон Республикаси босқичида “Ҳикматларда инсон маънавияти” мавзусида иншо ёзиб, тест синоғида ҳам ўзининг ижодий қобилияти ва билимлари билан юқори натижага эришди. Беллашувнинг 2 ўрин ғолиби бўлиб, имтиҳонсиз олий ўқув юртига имтиёзли равшда ўқишга кириш имкониятини қўлга киритди. Ойгул Жийенбаева бу ютуғи билан ота-онаси, яқинлари ва бутун лицей жамоатини хурсанд қилди. Айниқса, буваси Жийенбай Ережеповнинг ишончини оқлаб, бувасининг “талаба-набираси” бўлишдек бахтга эришди.
-Менинг бу даражага етишишимга сабаб бўлган устозларим – Бекназар Ерназаров, Дариха Уббиниязова, Жийенбай Избасқанов ва ўқитувчим Заман Оразбаевга ўзимнинг чексиз миннатдорчилигимни билдираман, - дейди қалби фахрга тўлган Ойгул.
 Ўзига берилган имтиёздан фойдалана ўтириб, у келажакда ҚДУнинг Журналистика факультетида ўқишинини давом этиришни олдига мақсад қилиб қўйган.
Биз ҳам Ойгулга келажакдаги ҳам ижодий ҳам журналистик ишларида катта зафарлар тилаб қоламиз.
Динора БЕГДУЛЛАЕВА
Қорақалпоқ давлат университети
 академик лицейининг
2-босқич ўқувчиси