воскресенье, 22 апреля 2018 г.

ХОЖЕЛИЛИК ЖАСЛАРҒА ЖАӉА ИМКАНИЯТЛАР



«Жаслардың бос ўақты – шайтанның ис ўақты», - дейди дана халқымыз. Ҳақыйқаттан да келешегимиз болған жаслардың бос ўақты болыўы яки оны зая кетириўи жаман әдетлерди арттырып алыўына жол ашып береди.
Бүгинги күнде жаслардың бос ўақытларында оларды өз қызығыўшылықларынан келип шығып, пайдалы ислер менен бәнт етиў, тил үйрениў ҳәм қәбилетлерин асырыў мақсетинде орынларда көплеп ис-илажлар әмелге асырылмақта.
Жақында Хожели районындағы «Жаслар орайы»нда бир қанша дөгереклер ашылып, өз жумысын баслағаны район жасларына үлкен қуўаныш бағышлады. Ҳәзирде инглис ҳәм рус тили, тәрийх пәнлери, сондай-ақ аспазлық ҳәм шаштәрезлик дөгереклери жаслар менен толып, қызғын искерлик алып бармақта. Иглис тили бойынша Жарылкаганова Айшахан, Жуманиязова Мухаббат, рус тилинен Аметова Гулжахан ҳәм тәрих пәнинен Алаваддинов Оллоҳёр илим ҳәм билимге қумар жасларға сабақ берип келмекте. Шаштәрезлик бойынша Реймова Гули сабақ өтип атырған болса, аспаз жаслар устазы Жийемуратова Юлдуздан аспазлық өнери сырларын үйренип келмекте.
-Мен аспазлық өнерин жақсы үйренип, кишкенелигимнен аспаз болыўды арзыў еткенмен. Биз жаслар ушын жаратылған мине усындай имканиятлардан өнимли пайдаланған ҳалда, «Жаслар орайы»нда ашылған бийпул дөгеректе өз қәбилетимди асырып атырман, - дейди аспазлық топарының оқыўшысы Кеңесбаева Гүлхан.
Ҳәзирге келип, булл дөгереклерге қатнаўшылардың саны 600 дан асқан. Бул болса, билимли, излениўшең ҳәм талантлы жасларымыздың бос ўақытлары мазмунлы өтип атырғанлығынан дерек береди. Исенимимиз кәмил, қәбилетли жасларымыз қатары көбейген сайын имканият есиклери де ашыла береди.

Динора БЕГДУЛЛАЕВА
«Жаслар орайы» Қарақалпақстан бөлими жанында дүзилген
«Жас журналистлер» клубы ағзасы


Комментариев нет:

Отправить комментарий