четверг, 5 апреля 2018 г.

АРЗЫЎЛАРЫ АСПАН АЛЬБИНА




-Келешектеги алдыма қойған мақсетим Германия мәмлекетинде оқып, немис тили бойынша топлаған тәжрийбелеримди әмелге енгизген ҳалда жаслар ушын проект ислеп шығыў, - дейди биз сөз етпекши болған арзыўлары бәлент қахарманымыз Альбина Рахметуллаева.
Альбина кишкенелигинен шет тиллерин үйрениўге ықлас қойған полиглот жаслардың бири. Пайтахтымыздағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқып жүрген гезлеринен-ақ оның немис тилине болған қызығыўшылығы арта баслаған. Пән оқытыўшысы Малина Тажигалиевадан бул тилди тереңнен үйрене баслаған ол өз билими ҳәм қәбилети арқалы көплеген беллесиўлерде үлкен нәтийжелерге еристи.
2014-2015-оқыў жылында Альбина «Билимлер беллесиўи»не немис тили пәни бойынша қатнасып, Нөкис қалалық басқышта сыйлы 1-орынды, ал Қарақалпақстан Республикасы басқышында 2-орынды алыўға еристи. 2015-жылы еле де қызгын таярлықлар көрип, намис тили бойынша имтиҳан тапсырды ҳәм А2 дәрежени қолға киритти. Бул арқалы ол Ташкент қаласындағы Гёте атындағы немис тили институтында оқып қайтыў бахтына миясар болды. Сондай-ақ сол жылы “Schulen Partner der Zukunft” проекти тәрепинен өткерилген сегизинши Көркемлеп оқыў таңлаўына белсене қатнасты.  9-класс ўақтында болса, «Пән олимпиадасы»ның Қарақалпақстан Республикасы басқышында сыйлы 1-орынды ийелеген ол беллесиўдиң улыўма жеңимпазы деп табылып, «Гүўалық» пенен сыйлықланды. Усы гүўалық арқалы Альбина Қарақалпақ мәмлекетлик университети академиялық лицейиниң Шет тиллери бөлимине имтихансыз оқыўға қабылланды.
Тынып-тыншымаған қахарманымыз лицейдиң немис тили пәни оқытыўшысы Абадан Тлеўмуратова менен биргеликте немис тилин тереңнен үйрене баслады. Ҳәттеки ол булл тилде қосықлар да дөретип, бир қанша танлаўларда белсендилик көрсеткен.
Быйылғы жылы да Альбинаның табысларының изи үзилмеди. Ол «Пән олимпиадасы»ның лицей басқышында жеңиске ерисип, Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды. Шынында да әўмети күлген билимли қыз Альбинаға бул басқышта да жеңимпазлық несип етип, 1-орынлық «Диплом» менен сыйлықланды.
-Мениң немис тилине болған қызығыўшылығымды оятқан ҳәм оны раўажландырыўда үлкен орын ийелеген ата-анам, устазларым ҳәм “Schulen Partner der Zukunft” проектине шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. Келеси жылы да жеңимпаз болып, Қарақалпак мәмлекетлик университетиниң Немис тили филологиясына оқыўға тапсырыў нийетим бар, - дейди Альбина Рахметуллаева айдын келешегине көз тигип.
Биз де Альбинаның арзыў-мақсетлери иске асып, келешекте Германияда оқыўы арқалы елимиз раўажланыўына өз үлесин қосыўына тилеклеспиз.

Динора БЕГДУЛЛАЕВА
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
 академиялық лицейиниң 2-басқыш оқыўшысы

Комментариев нет:

Отправить комментарий