
"Қарақалпақ әдебиятының раўажланып, жәхән әдебияты дүрданалары қатарына қосылыўы ушын дөретиўшилик етемен", деген уллы мақсетке умытылыушы жасларды өз ишине қамтыған Өзбекистан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикамы Кеңеси жанында дүзилген "Жас дөретиўшилер" клубы жақында ғана өзиниң жумысын баслады.
Бул клуб тамырында Күнхожа, Әжинияз хәм Бердақ сыяқлы уллы бабаларымыздың дөретиўшилик илхам-йошы қайнап турған бир қатар шайыр хәм жазыўшы, әдебияттың драматургия хәм әдебий сын тараўларына, сондай-ақ аўдармашылыққа қызығыўшы жасларды жәмлестирген.
Клубтың ашылыў мәресиминде аўдармашылық, поэзия, проза, драматургия хәм әдебий сын бағдарлары бойынша сәрдарлар сайлап алынды. Арнаўлы тараў қәнийгелери тәрепинен клубтың дөретиўши жасларына сабақлар өтилип, семинар-тренинглер шөлкемлестирилмекте.

Динора БЕГДУЛЛАЕВА
Өзбекистан жаслар аўқамы
Қарақалпақстан Кеңеси жанында дүзилген
"Жас дөретиўшилер" клубы ағзасы
Комментариев нет:
Отправить комментарий