четверг, 12 июля 2018 г.

"ЗАМИН" СЕМИНАРЫ-2018


Замин районының тынық ҳам шексиз аспаны, бийик-бийик таўлары ҳәм гөззал тәбияты 3 күн даўамында жас дөретиўшилерди әдебият әлеминде – өз баўырында сақлады. Өз кеўлине тасқын йош-илхам ғумшалатқан, сан-санақсыз дослар арттырған жас дөретиўшилер усы қысқа ўақыт ишинде үлкен тәсирлер алды, десек асыра айтпаймыз. Себеби, дөретиўши кәлб ийелерин ҳәр бир демде Замин тәбияты өз қушағына шарлап турар еди. Замин сарқырамасы, таўлары, муздай ғана, тынық суўлары жаслардың итибарын өзине тартты ҳәм дөретиўшилерди өз қушағында мийман етти.








Семинардың жуўмақлаўшы үшинши күнинде қатнасыўшылардың мийнетлери жоқары баҳаланды. Оларға «сертификат», статуетка, «Азат Ўатан бахты» деп аталған бес томлы китап саўға етилип, сондай-ақ Жиззах ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен дөретиўшилерге қәлем ҳақы берилди.




 Ең үлкен саўға үш күн даўамында инам етилди. Бул саўға болса дөретиўшиликке болған итибар…
Динора Бегдуллаева

Комментариев нет:

Отправить комментарий