среда, 18 июля 2018 г.

КИР ТЫРНАҚТЫҢ АСТЫНДА ЕМЕС, АЛ...

 


(Бул мақалада тек "айырым"лар сынға алынды)

Бир иллет бар "пара" деген,
Береди екен, алады екен.
Харам қоллар қалтырамай
Қалтасына салады екен.
Ибрайым Юсупов

"Оқыўды питирип қайсы жоқары оқыў орнына тапсырасыз?", деп сораў бергенде "Журналистикаға", деген жуўапты айтқан жасларға бир жағынан қуўансаң, екиншиден жаның ашыйды-аў... Және айырымлар усы жуўаптан кейин төмендегише өз пикирлерин қосып қояды:
-Журналистикаға кириўиң ушын тек билимиң емес, ал анна "тақырбастың сүўрети бар қағаз"әм керек боладығой.

-Творческийи (дөретиўшилик баян) "пәлен мың доллар" болыпты.
-Сонша пулың барма?, деседи.



Тәбийий хал, журналистика қәнийгелигин еоқыўға кириў ушын тест имтиханлары қатарында дөретиўшилик баян жумысы да орын алған.

 Бирақ усы дөретиўшилик баян жумысының болыўы коррупция жағдайларының болыўына алып келетуғыны да сыр емес. Дурыс, болажақ журналистлер өзлериниң дөретиўшилик қәбилетин де сыннан өткериўи керек.         
                         
Тилекке қарсы, кириў имтиханларында усы сынақтың барлығы көплеп наразылықларды келтирип шығармақта. Яғный, "айырым" ата-аналар перзентин оқытыўдың орнына қалтасына сыймай атырған пулларын қыңғыр-қыйсық жолларға сарыпламақта.

Халқымыз сондай көниўшең халық па? Усы күнге шекем тек бир шетте турып, гүзетиўши болдық па? Бундай ис-хәрекет барып турған ашкөзлик хәм адамгершиликсизлик емес пе? Биз не ушын өз перзентлеримиздиң ертенги күнине, журналистикамыздың келешегине балта урып атырмыз? Бундай сораўлар сан-санақсыз...

Журналистикамыздың айдын келешегин өзимиз тас-түнекке айландырмақтамыз. "Журналистикада оқыйман", деп қолына қәлем алып көрмеген қәнийге ертең қалай баспасөзде жумыс ислейди, яки еки-үш сөзди қурастыра алмай тилин шайнап турған жас журналист телевидениемизден қалайынша өз орнын табады? Және "пара" бере ме?


Өзбекстан жаслар аўқамы ҚР Кеңеси жанында дүзилген "Жас репортёрлар" клубында журналистикамыздың ертенги күнин беккем қурыўшы жаслар жетилиспекте. 
                                         
Олар журналистикаға сиңисип, барлық нәрсени әмелиятта ислемекте. Ал, студентлер ше? Олар теориясын өтип, реферат тапсырып жүреди. "мб" түспеўи ушын университет босағасынан атлайды. Мейли, дем алысқа шығып, әмелият өтип баслайды. Бирақ сол әмелиятын да қатырып ислеп атырған тек биреў, я екеў. Газета редакцияларына әмелиятқа түскен "айырым журналистлер"ге гүўа болмақтамыз. Газета редакторларының өзлери де оларға хайран қалысып, жаға усламақта. Туўрысы. Буларға дәлил келтирип өтиў де шәрт емес, менимше. Күнделикли турмысымызда да бул жағдайға дус келемиз. "Бир адамның кесири жети журтқа...", яки "Бир қумалақ бир қазан майды ширитеди", дегениндей, мине усы "айырым"лардың кесиринен пүткил журналистикамызға көплеп орынсыз гәплер жаўылмақта.


Ал? Жоқарыдағы гәплер қаншелли дәрежеде хақыйқатлыққа жақын? Булар тек теңизден тамшы. Бул мәселени ким, қалай шешеди, яки әдиллик байрағының қашан желбиреўи бизге қаранғы.


Және бир айтып өтетуғын нәрсе-ең әхмийетлиси, буны усыныс десе де болады, кириў имтиханларында "журналист боламан", деген хәр бир жас әмелий имтиханнан өтсе, өзлериниң дөретиўшилик қәбилетин ашық-айдын көрсетип, ерискен жетискенликлери менен журналистикаға мүнасип кадр екенлигин көрсетип қойса мақсетке муўапық болар еди. Сондай-ак хәзирде өнлайн тестлер өткерилиўи режеге киритилген. Усы тийкарда дөретиўшилик баян жумысының да онлайн тәризде тапсырылыўы имтиханлардын ашық-айдын, әдил түрде өткерилиўин тәмийнлер еди.



Улыўма алғанда журналистика тараўындағы биз бенен сиз билген хәм дәстүрий түс алған бул машқала тырнақтың астында емес, ал үстинде "аттан анық" ғана көринип турыпты.

Дәме Султан


Комментариев нет:

Отправить комментарий