понедельник, 16 июля 2018 г.

ЗАМИН САБАҚЛАРЫ


                                           
Бул арналар океаннан суў ишер
Дәстүрий Замин семинарында республикамыздың бәрше ўәлаятларынан ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан 80 нен аслам дөретиўши жаслар жәм болды. Поэзия, проза, драматургия, публицистика, әдебий сын, көркем аўдарма ҳәм балалар әдебияты жөнелислеринде қәлем тербетип атырған жасла ушын бул семинар дөретиўшилик жолында үлкен мектеп ўазыйпасын атқарыўы сөзсиз.

                                 
Усмон Азим, Анвар Обиджон, Кеңесбай Каримов, Сирожиддин Саййид, Махмуд Тоир, Ахмаджон Мелибоев, Энахон Сиддиқова, Фарида Афруз, Эшқобул Шукур, Назар Эшонқул, Эркин Хушвақтов сыяқлы танықлы дөретиўшилер орталығы әдебий сәўбетлер, мушайыра кешелери менен және де пайызлы өтти. Өз билгенлерин аямастан үйреткен устазлар қатнасқан ҳәм болажақ уллы дөретиўшилер ушын бир өмирлик умытылмас демлерге айланған Замин семинарынан айырым көринислерди Сиз, оқыўшыларға инам етемиз.

Ашурали Жураевтың аяқ кийими
Балалар әдебияты бойынша сабақ өтилип атырған кеңесте балалық дүнясының шадлықларға толы мәўритлерин хатқа салыўшы жаслар балалық орталығына бирлести.
Ашурали Жураев бир майдан тәнеписке шығар екен, сыпа шетинде турған аяқ кийимине қарап, деди:
-Қараңлар, бир-биринен сулыў туфлилер арасында ҳәтте аяқ кийимим де қартайып қалғанымызды "сатып қойып атыр".
Усы ўақытта шайыр Анвар Обиджон:
-Қәнекей, сизлерге тапсырма .Ким усы ҳаққында қосық жазса, "бес" баҳасын қояман, деп қалды.

Арадан көп өтпей, жиззахлы Зухра Йулчиева тапсырманы жоқары дәрежеде орынлады. Ол төмендегише жазған еди:
"Устоз деди: -Мунғайиб
Турар қаранг бошмоғим.
Эскиришига сабаб
Ҳар манзилга шошмоғим.
-Йўқ, йўқ, устоз янгидан
Бизга эски ҳол афзал.
Ҳар манзилнинг ҳикматин
Кўрган-да бу пойабзал.
Истагим шу даврада
Бошгинамга эс кирса.
Қани бизнинг бошмоқ ҳам
Сизникидай эскирса...
Өзине тән өзгешелик ҳәм юморға бай қатарлар устазлардың алғысына еристи. Анвар Обиджон устаз да ўәдесинде турып шайыра қызға "бес" қойды.

Луқмон Борихонди "оятқан" пикир
Дөретиўшилигиң ҳаққында жыллы пикир еситиў жағымлы, әлбетте. Негизи бул бәрше дөретиўши қәлб ушын бирдей қәсийет. Ғафур Ғулам, Миртемир, Саид Ахмад ҳаққындағы ҳәзиллердиң жаратылыўы тосыннан емес. Бул ҳақыйқатты жазыўшы Луқмон Борихан дәлийлледи. Азамат шыршалар астында, сылдырлаған сай бойында заманагөй өзбек прозасы машқалалары, соңғы жылларда жаратылған гүрриң ҳәм повестлер сын астына алынбақта. Ара- тура жәҳан әдебиятынан Стендаль, Достоевский, Булгаков киби "нәзик" темаларға да бойласып қоямыз. Тек Луқман аға ойшаңлық пенен сәўбетке қосылмайды. "Бул пикирге не дейсиз, устаз", десек "аўа" яки "яқ", деп отырады. Бир ўақытта жас прозашылардан бири:
-Луқман Бориханның усылы мени ҳайран қалдырады. Түрли идея, түрли темаға бағышланған дөретпелеринде де қахраманлардан пайдалана алған. "Жәзийрамадағы адамлар" ҳәм "Шөлден келген тәшўиш" дөретпелерин алайық. Тап автор алдында персонажлар галереясы турғандай. Сюжет ағымына қарап ол яки бунысынан пайдаланып кете береди. Тән алыў керек, миллий әдебиятымызда булл уқсасы жоқ усыл, - деди.
Луқман ағаның көзлери бирден шақнап кетти.
-Е-е-е жаса, балам. Бул жерде үлкен дөретпелерди түсинетуғын жаслар да бар екен ғой. Бул жаққа өтиң, жақсылап сөйлесип аламыз...
Орталықта күлги көтерилди. Негизинде, дөретиўши жаңа дөретпениң қыял дәрьясында жүзип жүргенбе, булл гәп оны оятып жиберди. Соң және әдебият ҳаққындағы сәўбет даўам етти...



Алғыс
Прозашылар арасында отырар екенбиз, бир қанша шығармаларға берилген алғыслардың гүўасы болдық. Жас дөретиўшилердиң шығармалары менен танысыў нәўбети келер екен, бир ўақытта әдебий орталықта қарақалпақ әдебиятының самалы ести. Өз дөретпелерин қарақалпақ әдебий тилинде оқып жаңлатқан Хожелиши жас жазыўшы Гүлжайна Пахратдиноваға алғыслар жаўылды.
-Хәзирдиң өзинде қарақалпақтың кең жазықлық даладарында жүргендей, қара үйине киргендей болдым. Неше әсирлик тәрийхын оқығандай сездим өзимди, бәрекелла қызым, - деп марапатлады жазыўшы Исажан Султан Гүлжайнаның  шығармаларына баха бере отырып.


Бул бай теректиң мийўелери көп...
Бундай орталықлардың ең қызғын пәллеси мушайыраларда болады. Әлем қуяшты өз қушағына алып, қараңғылық шөгер екен, биз мушайыра бағына қарай жол аламыз. Жаслар устаз шайырлардан тартып өз дөретиўшилигиниң мийўелеринен бир-бирине үлесер екен, булл қосықлы сәўбет қызғын түс алып, ҳәттеки нәўбетке талас та болды. Бир ўақытта Төрткүлден келген жас шайыра Лачин Авезова ортаны бәнт етти. Сап түркмен тилинде қосық оқып, ҳәммени таң қалдырды. 














Ҳақыйқатында да, булл үлкеде Алишер Наўайы, Бердақ, Мақтымқулылар жасап дөретиўшилик еткен. Олардың жолын басып әсирлер бойы шайыр ҳәм жазыўшылар қәлем тербетип келмекте. Дәстүрий Замин семинары усындай уллы инсанлардың изин басыўшы талант ийелерин дөретти ҳәм буннан кейин де усылай болажақ.


Орифжон ОДИЛОВ
Динора БЕГДУЛЛАЕВА
(Замин-Самарқанд-Нөкис)

Комментариев нет:

Отправить комментарий