Усы жылдың 27-март күни Өзбекистан
жаслар аўкамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси жанында дүзилген «Жас
угит-нәсиятшылар топары» тәрепинен пайтахтымыздағы бир қатар мектеплерде
семинарлар шөлкемлестирилди.
1-санлы улыўма билим бериў мектебинде
топар ағзалары Дәўлетяров Әзизбек ҳәм Дәўлетяров Исламбек «Интернеттен қай
тәризде пайдаланамыз?» ҳәм «Интернеттиң пайдалы ҳәм зыянлы тәреплери» темасында
угит-нәсият жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, 4-санлы улыўма билим бериў
мектебинде «Жас угит-нәсиятшылар топары» ағзалары Сметов Әдилбек ҳәм Жалгашова
Азиза «Интернет ҳәм социал тармақлардан пайдаланыў мәденияты» атамасында
угит-нәсият жумысларын алып барды.
Бул илажларды өткериўден мақсет мектеп
оқыўшылары ҳәм жасларды бугинги кунниң информация дереги болған интернет ҳәм
басқа да тармақлардан дурыс пайдаланыў, сондай-ақ ҳәзирде жаслар арасында социал
тармақлар бойынша жуз берип атырған кеўилсиз ўақыялардан сақ болыўға шақырыў
болды.
Динора БЕГДУЛЛАЕВА
Өзбекстан жаслар аўқамы
ҚР Кеңеси жанында дузилген
«Жас журналистлер» клубы ағзасы
Комментариев нет:
Отправить комментарий