суббота, 17 марта 2018 г.

АЗАМАТТЫҢ ШАНАСЫН ДЕП…



(гүрриң)

-Әзиз, Ә-зи-з! Жүр, музда ойнаймыз, - деп қоңсы бала Азаматтың үйге келип, үкемди шақырыўы менен мениң де ойынға қызығып кетиўим арқалы балалығымдағы музда болған усы ўақыяны еслесем, ериксиз мыйық тартаман. Себеби, садалық етип, тап Азаматтың шанасына асылғанман. Соның кесиринде еки-үш күнге дейин температурам көтерилип, аўырып жатқанман…
…Үстиме гөне курткамды тасладым да, алдымды шала-пала илдирип, печтиң үстине кеўдирип қойған қолғапларымды алып, атыз бетке шықтым.
Азаматтың шанасы зор еди-дә. Ортасынан еки темирди өткерип, тақтайдың астына қағылған, теңсалмақлылығыңды услай алмасаң, бир жаққа аўып, жығылып түсиўге ғана жарайтуғын (өзим ушын) үкемниң «шиток» деген шанасынан қолайлырақ ҳәм үлкенирек еди Азаматтики сонда. Ҳәммениң Азаматтың шанасына ҳәўеси келер еди.

Үлкен атызымыз муздан үлкен ҳәм қалың көрпе жамылыпты. Бирақ, жүзим көмип қойған жердиң әтипының биразы жукарақ музлап, еле толық қатпаған екен. Бир майданда қоңсы балалар жыйналып, ойынын баслап жиберипти. Гей биреўлери атыздың арғы басынан берги басына шекем шана айдап жарысса, айырымлары (асай-масайы жоқлар) артынан ийтерип жүрген балалардың күши менен-ақ бәйгини бежерип атыр. 

Шанасы жоқ балалар болса, Азаматтың шанасын айдаў ушын оған жалынып тур. Азамат та тыржыйып, гейде берип турар, ал гейде қызғаншақлық етип, өзи менен өзи шанасын арман-берман пысқыртып жүрер еди. «Мен сорасам, берип турармекен?»-деген сораўлы пишинде Азаматқа қарадым да, ишимдеги қызығыўшылық ҳәм ықласымды сөндирмейин деп оған карай жөнелдим.
-Қойыш, сен айдап билмейсең, - деп ол сорағанымнан дәрриў аўзымды жапты да, терис қарап, жолын даўам етти.
Үкемниң қасына барып, оның астындағы шитогына қарадым да, онда уша алмаўыма көзим жеткеннен кейин оған жүзлендим:
-Ана, Азаматтың шанасын сорап берса!
-Сен не қыласаң ушып, бул жерде гилең баллар ғо?! – деди ол да ашыўланып.
-Не-е, пай?! Қатты сол шананы айдағым келип тур-аў, - дедим әсте жумсартып.
-Яқ, барса үйге!
Бир ўақытта Азаматты әжапасы шақырып, сүт алып қайтыўын айтты.
-Әзиз, мениң шанама қарап тур, - деп ол қорадан өтип, үйи тәрепке бағдар алды.
Кейин мен әсте ғана шанаға жақынладым. Бир шетте турған шананы муздың орталаўына әкелип, үстине отырып, орналаса басладым. Соң әсте-ақырынлық пенен асай-масайды музға қадап, қыймылдағандай болдым. Тез пәт пенен айдап жүрген балаларға урылып кетиўимнен, яки олардың мени дүгип кетиўинен қорқып, көнлигемен дегенше шетирекке шығып, әсте айдай басладым. Шана ушып атырғанымнан өзимше шексиз қуўанышқа бөленип кеттим. Соң Әзизге «әне, көрдиң бе?» дегендей нәзер таслап қойдым. Ол да «ҳәзир жығыласаң ғой, бийкарға қылып атырсаң» деген пишинде басын шайқап қойды. Мен оннан сайын жақсырақ айдаўға киристим. Тап соның арасында үйден апам шығып, бизлерди түсликке шақыра ма?!
-Ўай-буў, ҳәзир киремен, - дедим де, апама мақтаныў ушын тезирек айдап қойдым. Апам «тезирек үйге киреғойың, тоңып қаласыз» деўи менен үйге кирип кетти. Мениң енди басқа балалар менен жарысқым келип, өзиме жоқары баҳа қойып жибердим. Балалар да «бәрибир утамыз ғой» дегендей бир-бирине қарасып, қайыл болысты. Бир ўақытта астымдағы шана маған жат екенлиги мийиме «дүңк» етип урылды да, Азаматтың үйи тәрепине жалтаңладым. Ол көринбейди…

Тап ушыўды қатыратуғындай қарсыласларыма қарап күлдим де «бир, еки, ү-үш» делиниўден асай-масайға күшти салып, уша кеттим. Сол ўақытта пәтленип айдап баратырғанлардың қоршаўында қалып кетип, қалайынша, қай жаққа ҳәркетленеримди билмей қалдым да, өз тезлигимди басқара алмай, пердедей болып қапланған муз тәрепке кетип қалдым. Муз ойылып, оның астындағы суўға «шылп» етип жығылған бул ҳәп заматтағы ҳәдийсени аңламай да қалдым. Балалар болса, аўызларын ашып, тамашагөй болып турып қалды. Ҳәттеки, шалбарымның былшырап турғанын да сезбей, дәрриў шананы суўдан алып, албырап қалдым. Соң суў астында жүзеге көринип турған асай-масайды алыў ушын қолымды қолғабы менен суўға тықтым. Тек ғана биреўи илинди. Екиншисин излеп, қолымды және суўға салып, былғаңлаттым. Илинетуғын зат жоқ. Дәрҳал «жойтып алдым» деген ой келди де, ҳаўлығып қалдым. Үсти-басымның суў-суў болып, қалтырап атырғанымды да сезбей, тек сол асай-масайдың биреўин (асайын ба? масайын ба?) излеў ушын қандай да бир күш мени басқарып турды. Ойылған муздың басқа жағын да излестире басладым. Суў менен арыраққа жылысып кеткен сол бир затты суў астында жүзип жүрген қолларым сезди де, ҳәп заматта жеңил тарттым.
«Шанаң менен асай-масайың басыңда қалсын, Азамат. Неге-ям айдадым. Ойыннан оймақ шыққаны қалды», - деп жаңа ғана шомылып шыққан еки темирди шананың үстине қойып, ашыўланғанлықтан силкинип-силкинип жүрип кеттим. Үйге кирерде есиктен әсте сығалап, көзлерим менен анамды изледим. «Иште шай ишип отырған шыгар» деп исеним кәмил еттим де төрги жай бетке аяқ ушында кирип бардым. Ишке киргеннен соң үсти-басыма қарап, тоңғанымды сезе басладым. Дәрҳал кийимлеримди өзгерттим де, оларды кәттиң астына жасырып қойдым (апам көрип қалып, кейин кейимеўи ушын). Соң «қутылдымба?» дегендей бир еркин дем алып, апама билдирместен, тыныш ғана шайға отырдым…
Динора БЕГДУЛЛАЕВА
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
 академиялық лицейиниң 2-басқыш оқыўшысы

Комментариев нет:

Отправить комментарий