Мен кемпир апамның үйине барғанды жүда унатаман.Ол күта мехрибан инсан. Кемпир апам Алтынай Сүйеӯбаева мийнеткеш хам өнермент ҳаял. Сонлықтан ол бизлерге де онер үйрениң, «Өнерлиниң қолы алтын» деген даналық сөзди көп айтады. Шынында да, апамның тоқыған гилемлерин, оған ойылып түскен сулыӯ нағысларды көрип ҳайран қаламан.
-Қызым,көп таңланып турсаң ғой! Адамның қолы гүл деген усы,-деди
жаныма келип. Апам сырт ел журналларында, китапларында өзиниң тоқыған
гилемлериниң сүӯретлерин де корсетти. Апам бул журнал китапларды сира
көрсетпеген еди. Булар басқа тиллерде жазылған болып, тек апамның аты фамилясын
ғана оқый алдым. Буның барлығы сизиң мийнетлериңиз бе? Қандай жақсы, қандай
әжайып екен?! Апа, маған алдын бундай
китапларыңыз бар екенлигин айтпаған едиңиз, барлығын айтып бериң, -дедим
хайран қалғанымды жасыра алмай.
-Мен өнер үйрениӯге балалығымнан
қызықтым. Бул өнерментшилик анадан балаға мийрас болып келген. Анам Алмаш
Таңатарова маған гилем тоқыӯ сырларын үйретти. Анама болса кемпир апамыз Орал,
оған оның анасы Айпарша апа өнер үйреткен. Олар қара үй бауларын, ақбасқур
қызыл басқур, ийинбаӯ, жанбаӯ ҳам кереге баӯларын, түркимен нағысы, ийбе
нағысы, жесиккөз, дизбе, қызылқур сырға нағысларын тоқыған. Сол нағысларды
тоқыӯ анадан балаға мийрас болып келди.
Қарақалпақ миллий нағыслары бойынша гилем тоқыӯ маған жүдә унады. Өзим
портретлер, сумклар жайнамазлар да тоқығанман. 1978-жылы Нөкис қалалық палас
тоқыӯ цехында жумыс басладым. Ал, 1979-жылы Ташкент қаласындағы «УСТО» қала
усталары бирлеспесине қараслы Нөкис
гилем тоқыӯ цехын аштым Әне үсы жерде ислеп жүрип, миллий
нағысларымызды дүняға таныттым десем қателеспеймен. Маселен, өз
мийнетлерим менен Монголия, Швейцария,
Париж қаласы, Англия, Дағыстан хам басқа да көплеген мәмлекетлерге
көргизбелерге қатнастым. 2002-жылы Қарақалпақ көркем өнер интернатинде
гилемшилик бойынша сабақ бердим, көплеген шәкиртлерди
тайарладым. Гулбахар Өтегенова деген шәкиртим не үйретсем де тез илип алатуғын
шаққан еди. Оның менен бирге говеленлер
тоқығанбыз. Еринбесең өнер үйренесең. Себеби , ҳәр бир нағысқа меҳир берип
тоқыӯ керек. Сонда ғана нәтйжеге, табысқа ерисесең. Балаларым ҳәзир сизлердиң
оқып, өнер үйренетуғын ӯақтыңыз. Хеш қашан өнер ҳам илим үйрениүден шаршамаң,
бир кәсиптиң маманы болып, елиңизге хызмет етиң,-деди кемпир апам. Мен де
Алтынай апама оның айтқан кеңеслерине қулақ түриӯге ӯәде бердим. Мийнетлериниң
татлы жемисин татып, ақлықларына кеңесгөй болған кемпир апам алдымызда аман
болсын деймиз. Биз усындай мехрибан ҳам белгили өнермент инсанның перзентлери
екенлигимизден шадланамыз.
өзбекистан Жаслар
аӯқамы, қарақалпақстан кеңеси
жанында дүзилген «Жас репортёрлар» клубы ағзасы сабырбаева Элмира
Комментариев нет:
Отправить комментарий