Елимизде билимлендириў тараўында
шет еллер менен жақсы байланыслар орнатылған. Әсиресе, Германия мәмлекетиниң
Өзбекистандағы елшиханасы тәрепинен жасларға улкен шәраятлар жаратылып, көплеп
жойбарлар ҳәм көрик таңлаўлар әмелге асырылмақта. Жақында елимиздеги Германия
елшиханасы тәрепинен шөлкемлестирилген «Х Көркемлеп оқыў»
көрик таңлаўы Ташкент қаласындағы Жәҳан економика ҳәм дипломатия университети
қасындағы Шайхантахур акдемиялық лицейинде болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы,
Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан немис тилине қызығыўшы, қәбилетли жаслар сынға
тусти.
-Кишкенелигимнен
немис тилин уйрениўге деген қызығыўшылығым жоқары болған. Сол себепли бугинги
кунге келип бул мениң өмиримниң бир бөлегине айланып улгерди, - дейди
қахарманымыз Серманова Сәрбиназ сәўбетимиз басында. Ол көп ғана таңлаўлар,
Билимлер беллесиўи ҳәм пән олимпиадалары жеңимпазы, өнерли ҳәм талантлы
қызлардың бири есапланады. Канлыкөлли достымыз Сәрбиназ топарымыздың ең билимли
ҳәм ағла оқыушыларынан бири.
Сәрбиназ
Қанлыкөл районындағы 4-санлы мектепте оқып журген ўақытларынан-ақ, немис тили
бойынша өз билимлерин сыннан өткере баслаған. Атап айтқанда, 2014-жылы Билимлер
беллесиўиниң районлық басқышында биринши, ал республика басқышында сыйлы
2-орынды ийеледи. 2015-жылы да районда биринши ҳәм республикада екинши болды.
«Пән олимпиадасы-2016» Қанлыкөл районлық басқышында сыйлы 1-орын,
Карақалпақстан Республикасы басқышында 3-орын ийеси болды.
Жақында
ғана болып өткен «Х Көркемлеп оқыў» көрик таңлаўына қызғын таярлықлар менен
қатнасып, жоқары нәтийже менен келди. Сәрбиназ бул таңлаўда ерискен
жетискенлиги арқалы өз ата-анасы, устазлары ҳәм досларын қуўанышқа бөледи.
Қахарманымыз «Zwei
Paar
Ebenschuhe»(Еки
жуп сары аяқ кийим) атлы гурриңди көркемлеп оқып, берилген сораўларға жақсы
жуўап берди. Ол жерде Өзбекистандағы бир қатар университетлери ҳәм Геоте
институтыниң муғаллимлери жәмаатинен дузилген төрешилер қурамы ҳәм елшихана
елшиси Гюнтер Лео Овергелд тәрепинен оқыушылар баҳалнып барылды. Бир кун
даўамында болып өткен таңлаў нәтийжесине көре, 27 қатнасыўшы арасынан Сәрбиназ
сыйлы 2-орынды қолға киргизди. Ол өзиниң бул жеңиске ерисиўинде әлбетте, устазы
Абадан Тилеўмуратованың мийнетлериниң орны гиреўли екенлигин толқынланып
айтады.
Топарласымыз
Сәрбиназ Серманова өз устазлары ҳәм досларының мақтанышы. Оның алдына қойған
мақсети Германияда оқыў ҳәм немис тилин тереңнен уйрениў. Биз оған оқыўларында
ҳәм алдағы журислеринде сәтли қәлемлер тилеп қаламыз.
Динора БЕГДУЛЛАЕВА
Комментариев нет:
Отправить комментарий