Жақында
жас репортёрлар «Көргизбелер сарайы»на саяхат етти. Ол жерде Қарақалпақстан
суўретлеў өнериниң раўажланыўында өзиниң дөретпелери менен улкен улес қосқан
художник, Озбекистан Көркем өнер Академиясы дөретиўшилер аўқамы ағзасы Абдулла
Еримбетовтың «Туўған жер реңлери» атлы жеке
көргизбеси болып өтти. Бул көргизбе А.Еримбетовтың 86 жасқа толыўы
мунәсибети менен өткерилген болып, онда художниктиң 60 тан аслам живопись
дөретпелри қойылған. Көркем өнер ықласбентлерин ҳәм жас дөретиўшилерди өз
туўылып өскен жерине болған суйиспеншилигин асырыў, ўатанымыздың гөззал
тәбиятына ҳәмде урп-әдетлерине хурмет ҳәм мухаббат руўхында тәрбиялаўға шақырыў
– көргизбениң тийкарғы мақсети болды.
Клуб
ағзалары көргизбеден орын алған картиналарды бир қатар көзден кеширип,
«Көргизбелер сарайы» директор орынбасары Бахтияр Серекеевке өзлерин қызықтырған
сораўларын берип өтти. Олар дуняның онға жақын мәмлекетлеринде болған художник
Б. Серекеевтен интервиеў арқалы өз сораўларына жуўаплар алды.
Бул көргизбе художник Абдулла Еримбетовтың
ҳақыйқатында да туўған жер нәпеси урып турған, бир-биринен тәкирарланбас ҳәм
бийбаҳа мийнетлери менен өзгеше ҳәм көтреники руўхта болып өтип, жыйналғанларға
улкен заўық бағышлады.
Динора БЕГДУЛЛАЕВА
Комментариев нет:
Отправить комментарий